Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш 30-июнь күни рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келди.
Ташкент халықаралық аэропортында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бас хаткери Антониу Гуттеришди Өзбекстанның Бас министри ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Ташкент қаласына келгеннен кейин, Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министрлигиниң басшылығында «Жаңа Өзбекстан» паркине барды.
БМШ Бас хаткери «Жаңа Өзбекстан» паркинде Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.
Комплекс пенен қысқаша танысыў тийкарында БМШ делегациясының ўәкиллерине бул ансамбльдиң мазмуны ҳәм архитектуралық шешимлер ҳаққында мағлыўмат берилди.
Бул комплекс 2021-жылы, ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллығына бағышлап қурылған еди. Онда мәмлекетимиздиң ески тарийхынан баслап бүгинги күнге шекемги ең әҳмийетли ўақыялар, уллы улама ҳәм мәрт бабаларымыздың тулғалары сәўлелендирилген. Монументтиң ең жоқары бөлегинде Қумай қусы сүўретленген.
Делегация ағзалары комплексте сәўлелендирилген уламалар, уллы сәркарда ҳәм батырлар, жадид бабаларымыздың естеликлерине айрықша итибар қаратты.
Буннан кейин БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш пайтахтымыздағы Ҳәзирети Имам комплексинде болды.
Жоқары мәртебели мийманға бул жердеги мешит ҳәм мақбаралардың қурылысы, комплексте сақланып атырған Усман Мусҳафи, оның елимизге келтирилиў тарийхы ҳаққында мағлыўмат берилди.
Өзбекстанда диний-ағартыўшылық тараўда алып барылып атырған жумыслар, дин еркинлиги, диний әмеллерди орынлаў ушын жаратылған шараятлар ҳаққында сөз болды.
Мәмлекетимизде илим ўәкиллериниң бай мийрасын терең үйрениў, тарийхый орынларды қәстерлеп-сақлаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Усы аймақта Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2018-жылы Ислам цивилизациясы орайына ирге тасын қойған еди. Бул көлеми ҳәм мазмуны жағынан үлкен орайдың қурылысы, пардозлаў жумыслары избе-из даўам етпекте. Мийманларға үш қабатлы комплекстиң ески тарийхый зыярат етиў орны тәризинде қурылғаны ҳаққында мағлыўмат берилди. Имарат орайында үлкен гүмбез, төрт тәрепинде симметриялық куполлар қурылғаны айтылды.
Бундай ийгиликли басламалар халқымыз ҳәм халықаралық жәмийетшилик тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланып атырғаны атап өтилди.
БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш тарийхый зыярат етиў орынларына таң қалғанын атап өтти. Ислам цивилизациясы орайының шөлкемлестирилгенин жоқары баҳалады.
1-июль күни Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң өткерилиўи нәзерде тутылған.
Күн тәртибинен Өзбекстанның БМШ ҳәм оның институтлары менен көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери, сондай-ақ, глобаллық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери орын алған. Мәмлекетимизде Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бойынша илажларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылады.
З.ЖОНИБЕКОВ,
И.АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршылары