Қазақстан Республикасының Алма-ата қаласында X халықаралық “Айбин” әскерий-Ӯатанды сүйиўшилик жыйыны болып өтти. Онда “Ӯатан таянышы” отрядларының ағзалары болған Өзбекстан сайланды командасы 50 команда арасынан сыйлы орынды ийеледи.

Мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан таңлап алынған оқыўшылардың арасында Қараөзек районындағы 25-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Абдулла Жаббарбергенов ҳәм Кегейли районындағы 41-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Маншук Жолдасбаева қатнасып, жарыс даўамында бир қатар шәртлерде мәмлекетимиз абырайын халықаралық дәрежеде мүнәсип қорғады.

Мәмлекетимиз жасларынан ибарат сайланды команда 750 қатнасыўшының арасында билими, күш-ғайраты, епшиллиги  ҳәм шаққанлықта бираз үстин екенлигин дәлиллеп, күшли бәсекилесе алды.

Президентимиздиң 2022-жыл 2-марттағы “Ӯатан таянышы” балалар ҳәм жас өспиримлер әскерий-Ӯатанды сүйиўшилик ҳәрекетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы қарары менен Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги жанында “Ӯатан таянышы” балалар ҳәм жас өспиримлер әскерий-Ӯатанды сүйиўшилик ҳәрекетиниң жолға қойылыўы өсип киятырған жас әўлад ўәкиллерине жаңа имканиятлар есигин ашып, оларды Ӯатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў системасын буннан былай да беккемледи. Бүгинги күнде мектеплердеги мыңлаған питкериўши класслардың ул-қызлары усы отрядларға қосылып, өзлериниң жәмийетлик ислерде, мәмлекетимиздиң жәмийетлик турмысында белсендилиги, мәденият ҳәм спорт бағдарында қолға киргизип атырған  табыслары, ең баслысы, Ӯатанды сүйиўшилиги менен заманласларына өрнек ҳәм үлги болмақта.

Қазақстан, Әзербайжан, Белорусь, Қырғызстан, Өзбекстан Республикалары ҳәм Россия Федерациясынан келген ул-қызлардан ибарат командалар “Aйбин саўғасы” интеллектуаллық ойыны,  робототехниклер арасында “Билимдан әскер” шәрти,  “AК-74” қуралын толық емес бөлеклерге ажыратыў ҳәм жыйнаў, мергенлик, спорт шәртлеринде өз-ара беллесип, физикалық имканиятларын көрсетти.

Бир нешше күн даўам еткен беллесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан “Ӯатан таянышы” командасы улыўма командалық есапта екинши орынды ийеледи. Биринши орын  — Қазақстан командасына несип етти.

Нөкис темир жол вокзалында Арқа-батыс әскерий округи, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллериниң қатнасыўында қарақалпақстанлы жасларды салтанатлы күтип алыў мәресими болды.

Кегейли районынан сайланды команданың қурамында қатнасқан Маншук Жолдасбаева билим алып атырған 41-санлы улыўма билим бериў мектебиниң командасы 2021-жылы Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министриниң кубоги ушын биринши мәрте өткерилген “Ватанпарварлар” әскерий-спорт жарысының финал басқышында сыйлы биринши орынды ийелеген еди. Арадан 3 жыл өтип, яғный быйылғы жылы Қанлыкөл районындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң “Ӯатан таянышы” командасы мүнәсип қатнасып, Қорғаныў министриниң кубогин Қарақалпақстан Республикасына алып келиўге еристи.

Ең алыс аўыл ҳәм районлардан халықаралық дәрежедеги жарысларда қатнасып, байрағымызды жоқары көтерип киятырған бул жаслар заманласларына өрнек болып қалады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.