Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жаслар сиясатына бағышланған видеоселектор мәжилиси ҳәм жаслар менен сәўбет даўам етпекте.
Ўәлаят, район ҳәкимлерине жаз мәўсиминде мектеп, техникум, университет, дем алыў бағларында мийнет ярмаркаларын өткериў тапсырылды. Бул арқалы вакант орынларына кеминде 150 мың жасты жумысқа жайластырыў мүмкин.
Жаз айларында «қурылыс отрядлары»ын қурып, 100 мың жасларды айлық беретуғын жумысларға шақырыў зәрүрлиги атап өтилди.
Исбилерменлердиң жасларды кәсипке оқытыў ҳәм жумысқа жайластырыў бойынша басламалары буннан былай да қоллап-қуўатланатуғыны атап өтилди.
Жаңа оқыў жылынан баслап мектеп, колледж, техникум оқыўшыларын үйретип, жумыс берип атырған исбилерменлердиң бул қәрежетлери салық базасынан шегирип тасланады. Оқыўшыларға дәрамат салығы ҳәм социаллық салық 1 процент етип белгиленеди.
ӨзА