Елимизде исбилерменликке, әсиресе, киши бизнестиң раўажланыўына үлкен итибар қаратылып, исбилерменлер ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта. Соның ишинде, ҳәр жылы Президентимиздиң орынларға шығып исбилерменлер менен ушырасыўы, олардың машқалаларын үйрениўи, исбилерменликти раўажландырыўға қаратылған пикир-усынысларын тыңлап ашық-айдын сәўбетлесиўлер өткериўи елимизде исбилерменликти және де раўажландырыўға түртки берип, олардың жумысларының жақсыланыўына ҳәм раўажланыўына үлкен жол ашпақта.

Усы жыл 30-май күни «Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиўин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, быйылғы жылы Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиў илажы Қарақалпақстан Республикасында өткерилиўи белгиленди.

Усы илаж алдынан Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп, Нөкис қаласындағы «Nukus Windows Profil» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине алып барылып, ол жердеги жумыслар туўралы мағлыўматларға ийе болды.

«Nukus Windows Profil» ЖШЖ 2013-жылы иске түскен болып, тийкарынан асхана мебельлерин, буйыртпаға тийкарланып мәкеме ҳәм кәрханалар ушын офис мебельлерин, акфа айна, қапы, стол, стуль, шкаф, буфет ҳәм басқа да 20 дан аслам түрдеги өнимлерди ислеп шығарады.

– Кәрханамыз өз жумысын дәслеп 10 адам менен баслаған еди. Жумыс көлеми кеңейип, буйыртпалар жылдан-жылға көбейип, ҳәзирги ўақытта кәрханамызда жумыс ислеўшилердиң саны 70 тен асты. Германия, Италия ҳәм басқа да еллерден үскенелер алып келип, шығарып атырған өнимимиздиң сапасын жақсылаўға ҳәрекет етип атырмыз. МДФ, ДСП ҳәм басқа да мебель ислеў ушын керекли болған шийки затты тийкарынан Россиядан аламыз,-дейди кәрхана дизайнери  Саламат Сәрсенбаев. – Өткен жыл даўамында айланысымыз 10 миллиард 383 миллион сумнан асқан болса, быйыл 5 айдың ишинде бул көрсеткиш 5 миллиард 385 миллион сумнан асты.

Президентимиздиң республикамызға сапары алдынан исбилерменлик жумысларымызды еле де кеңейтиў бойынша пикир-усынысларымызды таярлап, Нөкиске келиўи күтилип атырған инвесторларға да, өзимизге де пайдалы режелеримизди усынып, жақсы келисимлер дүземиз, деп ойлап отырмыз.

Пресс-тур қатнасыўшылары быйыл март айында жумыслары басланған «Karakalpak Palace Hotel» ЖШЖның қурылыс объектин барып көрди. Бүгинги күнде улыўма баҳасы 34 миллиард сумлық бул заманагөй мийманхананың еки қабаты толық питкерилип, үшинши қабатын өриў жумыслары алып барылмақта.

Бул мийманхана Нөкиске келген мийманларды, әсиресе, сырт ел туристлерин өзине тарта алатуғын сулыў көриниске ийе алты қабатлы, барлық қолайлықларға ийе заманагөй мийманхана болатуғынлығы, бул жерде 150 ден аслам жаңа жумыс орынларының жаратылатуғынлығы атап өтилип, онда келген мийманлар ушын жаратылатуғын шараятлар, қолайлықлар, оның басқа мийманханалардан өзгешеликлери туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.



Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық-айдын сәўбетлесиў Республика штабы, Исбилерменлик жумысларын раўажландырыў бойынша «Президентке усыныслар» жойбары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Call center штабының жумыслары менен танысты. Президент пенен ушырасыў алдынан исбилерменлер тәрепинен бул жерге берилип атырған пикир-усыныслар, мүрәжатлар туўралы мағлыўматлар алды.

Қарақалпақстан Республикасында өз жумысын баслаған «Киши бизнеске көмеклесиў орайы»ның жумыслары ҳаққында да мағлыўматлар берилди.

Орайдың тийкарғы мақсети – киши бизнес жойбарларын таңлаў, исбилерменлерди ҳәм пуқараларды бизнес бағдарында оқытыў, қаржыландырыў, исбилерменлерди керекли мағлыўматлар менен тәмийинлеў, бизнес реже ҳәм техникалық-экономикалық тийкарларды ислеп шығыў, базар табыў менен байланыслы комплексли хызметлерди көрсетиў сыяқлы илажларды әмелге асырыў болып есапланады.

Бағдарлама қатнасыўшылары «Киши бизнеске көмеклесиў орайы»ндағы онлайн электрон платформа (biznes-portal) арқалы онлайн арза берип 9 түрдеги қаржы механизмлеринен пайдаланыўы мүмкин. Оған кеминде бир жыл даўамында унамлы тәрепин көрсетип жумыс алып барып атырған жеке исбилерменлик субъектлери, дийқан хожалықлары, өзин-өзи бәнт еткен тәреплер, өнерментлер, киши исбилерменлик субъектлери қатнаса алады.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасынының баслығы Казбек Артыковтың қатнасыўында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы өткерилди.

Онда басқарма тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде киши бизнести раўажландырыўға үлкен итибар каратылмакта. Жалпы аймақлық өним көлеми өткен жылы 2016-жылға салыстырғанда 141,9, санаат-өндириси көлеми 132,6 процентке артты. Қурылыс ислери 2,3 есеге, аўыл хожалығы 130,6 есеге, хызметлер көлеми 2,3 есеге, халықтың жан басына улыўма дәраматы 3,3 есеге артты. Онда, әлбетте, киши бизнес ўәкиллериниӊ үлеси үлкен. Атап айтқанда, 2023-жылы киши бизнес субъектлериниң саны 24 мыңнан асып, 2016-жылға салыстырғанда 2,3 есеге көбейди. 2024-жылдыӊ басынан берли шама менен 1600 ден аслам киши исбилерменлик субъекти өз жумысын баслады.

Экспорт географиясы кеңейип, соңғы жыллары Қарақалпақстанда ислеп шығарылған өнимлер АҚШ, Франция, Италия, Испания, Нидерландия, Португа­лия, Болгария, Канада, Австралия, Египет, Бангладеш, Филиппин, Израйл, Тайвань, Пакистан, Таиланд, Бирлескен Араб Әмирликлери  ҳәм басқа да еллерге экспорт етилмекте.

– Бул әҳмийетли илаж Қарақалпақстанда ѳткерилиўи барлығымызды қуўантты. Себеби, Қарақалпақстанлы исбилерменлер Президентимиз бенен тиккелей ушырасады  ҳәм басқа да жетекши, тәжирийбели исбилерменлер менен тәжирийбе алмасыў мүмкиншилигине ийе болады,-дейди басқарма баслығы Казбек Артыков.

Ашық сәўбет шеӊберинде шѳлкемлестирилетуғын халықаралық бизнес-форум буған имканият жаратады. Буннан тысқары, усы жылдыӊ ақырына шекем Ѳзбекстанныӊ сырт еллердеги елшилери менен биргеликте «Бизнесиӊизди Қарақалпақстанда жүргизиӊ» жойбары шеӊберинде ири бренд ийелери Қарақалпақстанға келиўи күтилмекте.

Саўда-санаат палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен ашық сәўбетти шѳлкемлестириў ҳәм ѳткериў бойынша жумысшы топар шѳлкемлестирилди ҳәм «жол картасы» ислеп шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси жанында 2024-жылдыӊ 15-июнь күнинен баслап, Саўда-санаат палатасыныӊ имаратында Республика штабы ѳз жумысын баслады. ШТАБ қурамында министрлик, шѳлкем, мәкеме хәм басқарма ўәкиллери тәрепинен исбилерменлердиӊ усыныслары менен мүрәжатлери ҳәр күни 24 саат даўамында қабыл етилмекте.

Буннан тысқары 15-июньнен 20-августқа шекем Call центр иске қосылған. Оған  1088 номери арқалы усыныслар билдириледи.

Сондай-ақ, https://taklif.chamber.uz/ электрон платформасы арқалы исбилерменлер тәрепинен билдирилген мүрәжат ҳәм усыныслар онлайн тәризде қабыл етиледи.

 

“Бизнесиңизди Қарақалпақстанда жүргизиң” жойбарынан гѳзленген мақсет – Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыўдан ибарат. Қарақалпақстанда исбилерменлерден келип түскен, индивидуал характерге ийе 388 мәселеден 359 ына шешим табылды, ал, 29 ы узақ мүддет талап етпекте. Мәселен, жер орын ажыратыў, жеңиллетилген кредит алыў, жол мәселеси бойынша, имарат алыў бойынша исбилерменлер тәрепинен билдирилген мүрәжатлер унамлы шешим тапты.

Егер тәреплерде исбилерменлик тараўына тийисли пикир-усыныслар болса, ШТАБ ағзаларына келип хабарласыўы ямаса байланыс номерлерине қоӊыраў етип мүрәжат жоллаўы мүмкин. Телефон номери (+99861) 222-48-47, (+99861) 222-48-49, Call–center: 1088. «Исбилерменлер менен ашық сәўбет» электрон платформасы: https://taklif.chamber.uz/. Мәнзил: Нѳкис қаласы, И.Каримов кѳшеси нѳмерсиз жай. Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы имаратының 1-қабаты.

Баспасөз конференциясында қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Сондай-ақ, илажда ғалаба хабар қуралларының мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды, соның менен бирге, Саўда-санаат палатасы менен бирге ислесиўи, тараўдағы жаңалықларды, илажларды кең түрде сәўлелендириўдеги мийнетлери айрықша атап өтилип, ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, басқарманың Ҳүрмет жарлықлары ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери