Президентимиздиң исбилерменлер менен ашық пикирлесиўине таярлық көриў мақсетинде Бизнес-омбудсман секторы мәмлекетимиздиң түрли аймақларында исбилерменлер менен пикирлесиўлер өткермекте.

Усындай ашық пикирлесиў республикамыздың исбилерменлери менен өткерилди.

Ушырасыўда Президентимиздиң 2024-жыл 30-майдағы “Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық пикирлесиўин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети исбилерменлерге жеткерилди. Сондай-ақ исбилерменлерди қыйнап атырған салық, жер ажыратыў, кредит алыў, инфраструктура ҳәм басқа тараўлардағы машқалалар ҳәр тәреплеме додаланды. Айырым мәселелер бойынша исбилерменлерге мәсләҳәт берилди. Оларға тийисли министрлик ҳәм шөлкемлер менен биргеликте шешим табыў илажлары көрилди.

Бизнес-омбудсман секторы тәрепинен бундай ушырасыўлар даўам етеди. Мақсет исбилерменлердиң машқалаларын сапластырыў, исбилерменлик орталығын жақсылаўдан ибарат.

Қарақалпақстан хабар агентлиги