Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Пакистан Саўда министриниӊ биринши орынбасары Аҳсон Али Мангий менен ушырасты.

Сөйлесиўлер барысында саўда-экономикалық қатнасықлардыӊ бүгинги жағдайы толық көрип шығылып, келешектеги бирге ислесиўдиӊ анық бағдарлары белгилеп алынды.

Пайтахтымызда жоқары шөлкемлестирилген дәрежеде өткерилген “Made in Pakistan” көргизбеси еки мәмлекет исбилермен топарлары ўәкиллери арасында товар алмасыў көлемин кеӊейтиў, өз-ара пайдалы шерикликти беккемлеўде нәтийжели платформа екени атап өтилди.

Тәреплер Пакистанда “Made in Uzbekistan” көргизбесин өткериў усынысын мақуллады.

Ушырасыў жуўмағында саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм транспорт тараўларында бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша қосымша илажларды әмелге асырыўдыӊ әмелий механизми ислеп шығылды. Өзбекстан – Пакистан Ҳүкиметлераралық комиссиясыныӊ гезектеги мәжилисин шөлкемлестириўге келисип алынды.

ӨзА