Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында жеке қурам арасында коррупцияның алдын алыў мәселелерине бағышланған профилактикалық ушырасыў болып өтти.

Онда басқарманың жеке қәўипсизлик структурасы жуўапкерлери бажыхана хызметкерлериниң коррупцияға қол урмаўы, дәмегөйлик ҳәм парахорлық сыяқлы иллетлерден сақланыўы, лаўазымынан ғәрезли мақсетлерде пайдаланбаўы туўралы баянатлар жасап, системада хызметкерлерди социаллық қорғаў бойынша жаратылып атырған шараятлар, мүмкиншиликлер ҳәм жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, басқарма хызметкерлери тәрепинен хызмет ўазыйпаларын орынлаў процесинде дәмегөйлик, парахорлық, хызмет ҳәм лаўазым шеңберинен шетке шығыў сыяқлы жынаятлар ҳәм басқа да унамсыз нызамбузыўшылық жағдайлары жүз бериўиниң алдын алыў бойынша жеке қурам арасында 2024-жыл басынан жәми 36 мәрте улыўма профилактикалық мәжилислер өткерилген.

– Хызмет ўазыйпаларын орынлаў барысында хызметкерлердиң сақлығын арттырыў мақсетинде жыл басынан жәми 18 мәрте қупыя тексериўлер өткерилди,-дейди басқарманың жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының бас инспекторы Ю.Қудиярова. – Есабат дәўиринде, өз хызмет ўазыйпаларына немқурайдылық пенен қараған 6 хызметкерге интизамий жаза шаралары қолланылды.

Усы сыяқлы профилактикалық илажлардың өткерилиўи система хызметкерлериниң өз хызмет ўазыйпаларына ҳүжданлы түрде қатнас жасап, елимиздиң гүллениўи жолында шын кеўилден хазмет етиўине ҳәм бажыхана тараўының коррупциядан аўлақ системаға айланыўына тийкар жаратпақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги