Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың мирәт етиўине бола Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси ҳәм «ШБШ плюс» форматындағы ушырасыўда қатнасыў ушын 3-4-июль күнлери әмелий сапар менен Астана қаласында болады.
Саммит күн тәртибинен ШБШ шеңбериндеги көп тәреплемели бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм шөлкем жумысын жетилистириўдиң әҳмийетли мәселелери орын алған. Халықаралық ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери де көрип шығылады.
Мәжилис жуўмағында Астана декларациясы ҳәм экономика, қәўипсизлик, экология, энергетика, туризм ҳәм басқа да көплеген бағдарларда шерикликти кеңейтиў бойынша ҳүжжетлер қабыл етилиўи режелестирилген.
Сапар шеңберинде Өзбекстан жетекшиси сырт ел делегацияларының басшылары менен бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар да өткереди.
ӨзА