Өзбекстанға шарларды алып кириў ушын бажыхана төлемлерин 10 есеге арттырыў усыныс етилди. Бул ҳаққында Экология министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Министрлик Ҳүкиметтиң 2024-жыл 28-июньдағы «Ғалабалық илажларды өткериўде пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша талапларды күшейтиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилгени, соған қарамастан, айырым исбилерменлер экология ҳәм халық саламатлығы ҳаққында қайғырмаған ҳалда шар ушырыў сыяқлы илажлар өткерип атырғанын сынға алды.
Мәлим етилиўинше, бундай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде Экология министрлиги тәрепинен түрли илажлар көрилмекте. Атап айтқанда, шарларды Өзбекстанға алып кириў ушын бажыхана төлемлерин 10 есеге арттырыў, мәмлекетимизде шар ушырыў сыяқлы илажларды өткермекши болғанларға утилизация талабын қойыў ҳәм онда шарлардың баҳасына 10 есе муғдарда баҳа белгилеў усыныс етилген.
Экология министрлиги бундай жағдайларға шек қойыў мақсетинде жәмийетлик бақлаўды күшейтиў тәрепдары. Соның ушын экологияға бийпәрўа болмаған заманласларымзды пластик ойыншықлар, шарларды ушырыў сыяқлы илажларға жол қоймаў, бундай илажларға бойкот жәриялаўға шақырып қаламыз», делинген хабарда.
Еслетип өтемиз, алдынырақ Жиззақ ўәлаятындағы Наврўз бағында 5 мың шар ушырылыўының алды алынғаны ҳаққында хабар берилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги