Олий Мажлистиӊ Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) Ф.Эшматова Санкт-Петербург қаласында болып өткен ҒМДА Инсан ҳуқықлары бойынша комиссиясыныӊ гезектеги мәжилисинде қатнасты.

Сапар шеӊберинде Өзбекстан омбудсманы Феруза Эшматова Россия Федерациясыныӊ Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили Татьяна Москалькова ҳәм Венесуэла Боливар Республикасыныӊ халық қорғаўшысы Хосе Руис Ангуло менен ушырасты.

Омбудсманлар мигрантлардыӊ ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша жумысты күшейтиў, нызам ҳүжжетлерин жетилистириў, олардыӊ ҳуқықларын қорғаў бойынша бирге ислесиўди күшейтиў бағдарында өз-ара пикир ҳәм тәжирийбе алмасты. Мүрәжатлер менен ислесиў механизмлерине байланыслы соӊғы жаӊалықлары менен ортақласты.

Атап айтқанда, Венесуэла Омбудсманы Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды бақлап атрығаны, инсан ҳуқықлары тараўында салмақлы өзгерислер болғанлығына айрықша атап өтип, биргеликте ислеўге таяр екенлигин билдирди.

Ушырасыўларда перспективадағы бирге ислесиў бағдарлары белгилеп алынды.

***

Ф.Эшматова сапары даўамында усы мәмлекетте жасап атырған Өзбекстан пуқаралары менен ушырасты.

Мәмлекетимиздиӊ Санкт-Петербургтағы Бас консулханасында шөлкемлестирилген қабыллаўда ўатанласларымыз билимлендириў, жатақханаға жайласыў, мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў, мигрантларға мүнәсип шараятлар жаратыў ҳәм олардыӊ ҳуқықларын қорғаў мәселелеринде мүрәжат етти.

Мүрәжатлер белгиленген тәртипте көрип шығылады.

Н.Абдураимова, ӨзА