Ляньюньган портындағы ҚазақстанҚытай логистика терминалында КореяҚытайҚазақстанӨзбекстан жөнелиси бойынша сынаў поездын иске қосыўдыӊ рәсмий мәресими болып өтти. Бул ҳаққында “Kazinform” агентлигиҚазақстан темір жолыМКАЖ баспасөз хызметине таянып хабар берди.

ҚТЖ хабарына бола, халықаралық саўдада бирге ислесиў ушын әҳмийетли екенлиги атап өтилген бул илажда төрт мәмлекеттиӊ темир жол ҳәкимшилиги ўәкиллери қатнасты.

7 мыӊ километр аралықты басып өтетуғын, автомобиль аўысық бөлеклери жүкленген қурам мәмлекетлери арасындағы экономикалық байланыслардыӊ жаӊа жолларын ашады.

Биргеликтеги мультимодал жүк тасыўдыӊ раўажланыўы жолындағы улыўмалық умытылысты сәўлелендиретуғын бул жойбар регионлараралық саўда бирге ислесиўинде жаӊа бет ашады.

ӨзА