Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-июнь күни Түркияныӊ «Cengiz Holding» компаниясыныӊ баслығы Меҳмед Женгиз ҳәм «Kalyon Holding» компаниясыныӊ баслығы Жемал Калёнжу басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеӊейтиў, соныӊ менен бирге, мәмлекетимиз экономикасыныӊ тармақларын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Президентимиздиӊ жақында Анқараға сапары даўамында болып өткен Өзбекстан – Түркия Исбилерменлер кеӊеси мәжилисиниӊ жуўмақлары қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ерисилген келисимлердиӊ орынланыўын жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.
Компаниялар тәрепинен перспективалы жойбарларды әмелге асырыў режелери додаланды.
Жол инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм қурыў, «жасыл» энергетика қуўатлықларын жаратыў, биргеликтеги геологиялық изертлеўлер өткериў ҳәм перспективалы кәнлерди өзлестириў жойбарлары усылардыӊ қатарына киреди.
“Cengiz Holding” қатнасыўында Өзбекстанда еки жойбар табыслы жуўмақланып – Ташкент ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында улыўмалық қуўатлығы 460 мегаваттлы заманагөй электр станциялар иске қосылғанын атап өтиў керек. Буннан тысқары, Жиззақ ўәлаятында қуўатлығы 500 мегаваттан аслам болған және бир электр станцияныӊ қурылысы даўам етпекте.
ӨзА