Қәдирли ул-қызларым!

Сиз, әзизлерди мәмлекетимиз турмысындағы қутлы байрам- Жаслар күни менен шын жүректен қутлықлайман.

Биз өз алдымызға қойған үлкен мақсетлеримиздиң нәтийжесин, Жаңа Өзбекстанның келешегин пүткил елимиз қатары сизлердей жигерли перзентлеримиз бенен байланыслы ҳалда көремиз. Сол себепли, жаслардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, оларды камалға келтириў мәмлекетимиз сиясатының ең тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында ҳәр қашан итибарымыз орайында болып келмекте.

Бул ҳаққында сөз еткенде, соңғы жыллары елимизде жаслар менен ислесиў бойынша дүньяда уқсасы аз болған вертикал басқарыў системасы жаратылғанын атап өтиў керек. Бул болса мәҳәллелердеги Президент ўәкиллери болған жаслар жетекшилери арқалы қаншама жигит-қызларды қәсип-өнерге оқытыў, бәнтлигин тәмийинлеў, бос ўақытын мазмунлы өткериў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў менен байланыслы көплеген мәселелерди сол ўақыттың өзинде шешимин табыў имканиятын бермекте.

Әсиресе, “Жаслар дәптери”, “Жаслар балансы” платформасы тийкарында алып барылып атырған кең көлемли жумысларымыздың нәтийжесин ул-қызларымыз өз турмысында анық сезинбекте.

Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў бойынша енгизилген жаңа система бойынша усы жылдың өзинде “мәҳәлле жетилиги”ниң усынысы менен 156 мың жасқа 60 мың гектар жер майданы 30 жыл мүддетке ижараға берилгени де усы жолдағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Әлбетте, жаслардың бар имканиятлардан үнемли пайдаланып, түрли тараўларда әҳмийетли жетискенликлерге ерисип атырғаны бәршемизди қуўантады. Тек ғана өткен оқыў жылында мектеп оқыўшыларымыздан 55и  математика, химия, биология, физика ҳәм информатика пәнлери бойынша арнаўлы халықаралық олимпиадаларда 8 алтын, 15  гүмис, 32 бронза медалын, мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы арнаўлы халықаралық таңлаўларда болса жасларымыздың 383и бас сыйлықты, 1 мың 359ы болса 1-орынды қолға киргизди.

Жақында Қатарда болып өткен футбол бойынша Азия кубоги ойынларында Өзбекстан олимпиа сайланды командасы мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте Олимпиада жолламасын қолға киргизгени де бәршемизге шексиз мақтаныш бағышлайды.

Мине, бизиң қандай уқыплы, билимли ҳәм шыдамлы жасларымыз бар! “Жаңа Өзбекстан жаслары” деген даңқлы атқа ҳәр тәреплеме мүнәсип болған бундай жигит-қызлар бизиң бийбаҳа байлығымыз, алтын қорымыз есапланады.

Қәдирли нәўқыран досларым!

Өзбекстанда жаслар сиясаты бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслар дүнья көлеминде тән алынбақта. Өткен жылы Жаслар раўажланыўы индексине бола, Өзбекстан жаслар сиясаты тараўында ең жедел раўажланып атырған мәмлекетлерден бири, деп көрсетилгени де соннан дәрек береди. Сондай-ақ, БМШ тәрепинен “Жаслар стратегиясы- 2030”ды үлги тәризинде әмелге асырыў бойынша танлап алынған 10 мәмлекеттен бири әйне Өзбекстан болып есапланады. 2022-жылы Бухара қаласы- Түркий дүнья жаслары пайтахты, 2024-жылы болса гөззал Ташкентимиз- Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы регионында биринши жаслар пайтахты деп жәрияланды.

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде биринши мәрте өткерилип атырған Пүткил жер жүзилик жаслар фестивалы да Өзбекстанға болған жоқары итибардың үлгиси, десек, дурыс болады. Бул конференцияда 92 мәмлекеттен 700 ден аслам сырт елли жаслар, 20 дан артық арнаўлы халықаралық шөлкемлер, сырт еллердиң министрлик,  уйымларынан басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлер қатнаспақта. Ең әҳмийетлиси, елимиз жасларының пүткил дүньяда дослары, бирге ислесиўшилери көбеймекте, билим ҳәм кәсип үйрениў, глобаллық қатнасық ҳәм алмасыўларда қатнасыў имканиятлары кеңейип бармақта.

Әзиз ул-қызларым!

Перзентлери билимли, уқыплы, өзиниң күши ҳәм потенциалына исенип, ҳәр қашан алға умтылып жасайтуғын халық ҳәм мәмлекеттиң перспективасы әлбетте, жарқын болады. Биз Өзбекстан жасларын әне, усындай ийгиликли пазыйлетлер ийелери етип тәрбиялаў ушын буннан былай да бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз.

Ҳеш қашан умытпаң, сизлер жаслықтың ҳәр бир минутын ғәниймет билип, ҳәр қашан қурыўшы ҳәм дөретиўшилик сезими менен, Ўатанға шексиз меҳир ҳәм садықлық туйғысы менен жасасаңыз әлбетте, кем болмайсыз.

Сизлерди бүгинги байрам менен және бир мәрте қутлықлап, өз алдыңызға қойған мақсетлерге ерисиўде бәршеңизге терең –денсаўлық, бахыт, әўмет ҳәм жетискенликлер тилеймен.

Байрамыңыз мүбәрек болсын, әзиз ул-қызларым!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы  Президенти