Шемби ҳәм екшемби күнлери футбол бойынша Европа чемпионатында 1/8 финалы ойынлары шеңберинде 4 ушырасыў болып өтти.

Олардың дәслепкисинде Германия Данияны, Швейцария Италияны 2:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Ал, кеше өткерилген Англия ҳәм Словакия ойынының 25-минутында словакиялы Шранс  есапты ашып, өз командасын алдыға алып шықты. Бул голдан соң англиялылар тез-тезден қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестире баслады.

Бирақ, олардың шөлкемлестирген ҳүжимлериниң басым көпшилиги нәтийжесиз жуўмақланды.

Тек ғана ушырасыў төрешиси тәрепинен екинши таймға қосып берилген 90+5-минутында Жуд Беллингем өзиниң әжайып голы менен есапты теңлестириўге еристи.

Буннан соң ойынға төреши тәрепинен және еки қосымша тайм қосып берилип, онда Англия сайланды командасы Харри Кейн басы менен Дубравка қорғап атырған дәрўазаны анық нышанға алып, өз командасын келеси басқышға алып шықты.

Сондай-ақ, 1-июльға өтер ақшамда болып өткен Испания ҳәм Грузия ушырасыўында болса, испанлар өз қарсыласларын 4:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Солай етип, болып өткен ойынлардан соң шерек финалда Испания Германия, Англия Швейцария менен ушырасатуғын болды.

Ал, бүгин саат 21:00 де 1/8 финал ойынлары шеңберинде және бир еки ушырасыў болып өтеди. Олардың дәслепкисинде Франция Бельгия менен ушырасса, Португалия Словенияны сынақтан өткереди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы