Бәршемизге белгили, ғәлле халық ырысқысы, елимиз дастурханының молшылығын тәмийинлеўши тийкарғы өним есапланады. Ал, усы ғәлледен мол қырман жаратыўда мийнеткеш дийқанларымыз, фермерлер, суўшы-ирригаторлар, агроном-механизаторлар, кластерлер ҳәм басқа да аўыл хожалығы мийнеткешлери тәбияттың түрли ынжықлықлары ҳәм сынаўларына төтепки берип, пидайы мийнети арқасында гөзленген мақсетке ериседи.
Быйылғы жылы аўыл хожалығы майданларында аянбай мийнет етиў ҳәм орым-жыйын илажларын системалы түрде алып барыў мақсетинде 208 орым отряды дүзилип, оларға 208 дана жоқары өнимли дән орыў комбайны, 1932 дана дән тасыў транспорты ҳәм 621 тараў жуўапкерлери бириктирилди. Әлбетте, жумыстың шөлкемлескенлик пенен алып барылыўы ғәлледен мол қырман жаратыўға айрықша күш-жигер бағышлады.
Быйыл Қарақалпақстан ушын айрықша ғәлле жылы болды десек алжаспаған боламыз. Себеби, Президентимиз тәрепинен аўыл хожалығын раўажландырыў бойынша тек ғана Қарақалпақстан ушын бир қатар жеңилликлерди бериўши арнаўлы қарардың қабыл етилгенлиги республикамызға 1000 ға шамалас жаңа техника ҳәм агрегаттың алып келинди ҳәм жылдың зүрәәтли болыўына оғада салмақлы үлес қосты. Соның менен бирге, бәҳәр айларында ҳаўа райының оғада қолайлы келиўи де дийқанлардың қырманына айрықша берекет киргизди.
Пидәкерлик мийнетиниң нәтийжесинде быйылғы жылдың зүрәәти ушын дийқан, фермер хәм агрокластерлер тәрепинен егилген 53 мың гектар егислик майданының 35 мың 500 гектарынан асламында орым-жыйын жумыслары алып барылды ҳәм усы майданлардан гектарына орташа 72,7 центнер есабынан 258 мың тоннадан артық дән жетистирилди. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 11-июньдағы “2024-жыл зүрәәтинен бийдай сатып алыў ҳәм ишки базарда бахалардың турақлылығын тәмийинлеў ҳаққында”ғы қарары менен быйылғы жылда аймақлық дән кәрханалары ҳәм ғәллешилик кластерлери тәрепинен улыўма 106 мың 800 тонна дән, соннан, 38 мың 100 тонна мәмлекетлик ресурс тийкарында, 58 мың 700 тонна биржа арқалы сатыў ушын ўақтынша сақлаўға ҳәм 10 мың тонна туқымлық бийдай қабыллаў белгиленген еди.
Зүрәәт ушын алып барылған жумыслар нәтийжесинде аймақлық дән кәрханалары менен ғәллешилик кластерлери тәрепинен жетистирилген дәннен жәми 108 мың 216 тонна, соннан 37 мың 385 тонна мәмлекетлик ресурс тийкарында, 60 мың 794 тонна ўақтынша сақлаўға ҳәм 10 мың 37 тонна туқымлық дән қабылланып, белгиленген режениң 101,3 процентке орынланыўына ерисилди. Соны да мақтаныш пенен тилге алыўымыз керек, быйыл Қарақалпақстан Республикасында ғәлледен ҳәр жылғыдан да мол қырман жаратылып атыр. Буны бүгинги күнде қалған 17 мың гектардан артық майданда орым-жыйын жумыслары даўам етип атырғанлығынан ҳәм бул майданлардан 60 мың тоннадан артық дән жетистириў режелестирилип, улыўма алғанда быйылғы жылда 300 мың тоннадан артық бийдай қырманын жаратыў мақсет етилгенлигинен көриўимизге болады. Әлбетте, бул гөзленген мақсетлерге ерисиўде мийнеткеш фермер ҳәм дийқанларымыздың орны айрықша есапланады. Быйылғы жылда 100 ге шамалас фермер хожалығы 3 мың гектарға жақын майданнан орташа гектарына 90-100 центнерден ғәлле жетистириўи кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышламақта.
Быйылғы жылдың зүрәәтин шығынсыз жыйнап алыныўда тийисли тараў ўәкиллери менен бирге, Ишки ислер уйымлары, Миллий гвардия ҳәм Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлериниң де мийнети салмақлы болды. Ҳәзирги ўақытта ғәлледен босаған майданлар қайта егиске таярланып, тәкирарый егинлер егилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги