Энергетика министрлигинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентиниң  Энергетика министрлигине бириктирилген ағзалары менен ушырасыў өткерилди.

Министрлик жуўапкерлери ҳәм Жаслар парламентиниң ағзалары қатнасқан усы илажда мәмлекетимизде жас әўлад ўәкиллерине жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында сөз барды.

Атап өтилгениндей,  бул жумысларда Жаслар парламентиниң жумысы әҳмийетли есапланып, оның тийкарғы мақсети жаслардың нызамлы хуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың хуқықый санасы ҳәм саўатлылығын арттырыў, нызамшылық ҳәм нызамныӊ орынланыўы процесслерине жасларды белсене тартыў ҳәм қабыл етилип атырған нызамларды жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы олардың парламентлик турмысына қолқатылмаслығын тәмийинлеўден ибарат.

Сондай-ақ, илаж даўамында министрлик тәрепинен жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша жаңалықлар, «аўыр» категориядағы жаслар менен алып барылып атырған жумыслар, министрликке бириктирилген Жаслар парламенти ағзаларының тийкарғы ўазыйпалары, олар менен бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм есабат алмасыў процесслери, сондай-ақ,  келешектеги тийкарғы режелер бойынша пикир алысты.

Ушырасыўда министрлик системасында   да толық мағлыўмат берилди. Соның ишинде, бүгинги күнде жанылғы-энергетика комплекси системасында 100 мыңнан аслам жумысшы-хызметкер жумыс ислемекте. Олар арасында 14 мың 315и 30 жасқа шекем болған хызметкерлер болса, 30 жасқа шекем болған ҳаял-қызлардың саны 1 мың 210ды қурады. Бүгинги күнде 281 жас басшылық лаўазымларында ислемекте, олардың  15 и ҳаял-қызлар болып табылады.

Сондай-ақ, жас қәнигелердиң раўажланған мәмлекетлерде маманлығын арттырыўы ушын сырт мәмлекетлерде хызмет сапарларын шөлкемлестириў ҳәм оларды абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға жибериў жумыслары даўам еттирилмекте.

Илаж жуўмағында қатнасыўшыларды қызықтырған сораўларға жуўапкер тәрепинен жуўап қайтарылды.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА