Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында 28-июнь күни жаслар сиясаты тараўындағы жумыслардыӊ есабын, жаӊа ўазыйпалар ҳәм усынысларды додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Мәжилис алдынан жумыслардыӊ нәтийжелилиги көрип шығылды. Соӊғы жети жылда жасларға байланыслы 100 ден аслам нызам ҳәм қарарлар қабыл етилип, 200 ден зыят жеӊилликлер берилгени атап өтилди.
Тек ғана тәлим кредитлеринен 151 мыӊ жаслар пайдаланған. Мүтәжлиги бар шаӊарақтан болған және 110 мыӊ студенттиӊ шәртнама төлеми төлеп берилген.
“Эл-юрт умиди” қоры арқалы АҚШ ҳәм Уллы Британияныӊ еӊ абырайлы университетлерин 50 мыӊ жигит-қыз питкерди. Бүгинги күнде оларда оқып атырған ўатанласларымыз 200 ден артты. Улыўма, 110 мыӊ жасларымыз сырт елде билим алып атыр.
Президент мектебиниӊ баҳалаў системасы 500 мектепте енгизилиўиниӊ нәтийжесинде бир жылдыӊ өзинде билимлерди өзлестириў 53 проценттен 60 процентке артты. Бул система жаӊа оқыў жылынан баслап және мыӊ мектепте енгизиледи.
Быйыл мектеплерди 14 мыӊнан аслам оқыўшы алтын ҳәм гүмис медальлар менен питкерди. “Үлкен беслик” пән олимпиадаларында қолға киргизилген медальлар ақырғы төрт жылда 2 есеге көбейди.
“Шаӊарақлық исбилерменлик” бағдарламалары шеӊберинде берилген кредитке 1 миллион жас жумыс пенен тәмийинленди. 205 “Жаслар санаат зонасы”нда 1 мыӊ 200 жойбар иске қосылды. Ҳәзирги ўақытта бизнестеги айланыс қаржысын миллион доллардан арттырған 1,5 мыӊ жас исбилермен бар.
Мәмлекетимиз басшысы жасларда билим ҳәм жаӊа идеялар көп екени, оларға шараятлар және де кеӊейтилетуғынын атап өтти. Атап айтқанда, олар төмендегилер:
Мәмлекетимиздиӊ жедел раўажланыўы ушын “төртинши санаат” кәсиплери оғада әҳмийетли. Усы мақсетте жаслардыӊ физика, химия, биология, технология, инженерлик, математика менен байланыслы кәсиплерге қызығыўшылығын арттырыў ушын жаӊа система болады. Жоқары оқыў орынлары жанындағы 73 академиялық лицейде тәжирийбе тәризинде “Халықаралық бакалавриат” ҳәм “A-Level” бағдарламасы енгизиледи. Бул бағдарламалар тийкарында сертификат алған оқыўшылар сол жоқары оқыў орнына имтихансыз, контракт тийкарында қабыл етиледи.
“SAT” тестинде 75 проценттен жоқары нәтийже көрсеткен оқыўшылар мәмлекетимиз университетлерине де грантқа қабыл етиледи.
Майыплығы болған жасларға шет тили бойынша миллий сертификат алыўда компьютерде имтихан тапсырыў шараяты жаратылады.
Жасларымыз халықаралық олимпиадалардыӊ теориялық бөлиминде бәрқулла жоқары нәтийжелерге ериссе-де, лаборатория шынығыўларын орынлаўда төменирек балл алып атыр. Соныӊ ушын енди Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги жанында Олимпиадаларға таярлаў орайы ашылып, арнаўлы лабораториялар менен үскенеленеди. Халықаралық одимпиадада қатнасатуғын сайланды команда реже тийкарында усы орайда таярлық көреди. Буныӊ ушын ҳәр бир пән бойынша маман илимпаз ҳәм сырт елли қәнигелер тартылады.
Жоқары билимлендириўдиӊ биринши ҳәм екинши курсларындағы пәнлер техникумлар менен сәйкесленеди. Техникумда жақсы оқыған жасларға халықаралық классификатордыӊ тийисли дәрежесине сәйкес келетуғын диплом бериледи. Оларға жоқары оқыў орнын екинши яки үшинши курстан оқыўды контракт тийкарында даўам етиў имканияты бериледи. Кәсиби бойынша маманлық дәрежеси ҳәм еки жыллық стажы бар жаслар кәрхананыӊ усынысы менен контракт тийкарында жоқары билимлендириўге қабыл етиледи.
Енди жоқары оқыў орны, министрлик ҳәм кәрханаларға тийисли лабораториялардыӊ бирден-бир онлайн платформасы жаратылады. Бундай илимий орайлар Ташкент техника, Самарқанд ҳәм Үргенш мәмлекетлик университетлеринде де шөлкемлестириледи. Жас илимпазлардыӊ изертлеўлери ушын керек болған үскене, комплектлеўши бөлек ҳәм химиялық қураллар бажыдан азат етиледи.
Бүгинги күнде мәлимлеме технологиялары тараўында өзин-өзи бәнт еткен жаслар 50 мыӊнан артты. Косымша қун жаратып, хызметлерди экспорт етип атырған бундай жаслар ушын үлкен имканиятлар ашып бериледи.
Атап айтқанда, 1-августтан баслап, бул тараўда өзин-өзи бәнт еткен жасларға IT-парк резиденти статусы бериледи. Олар үш жыл мүддетке барлық салықлардан азат етиледи. IT-парк тәрепинен оларға медицина, спорт ҳәм офистен пайдаланыў ушын “социаллық карта” бериледи.
Жасларды үлкен дәрамат келтиретуғын кәсиплерге үйретиў, жоқары қосымша қун жарататуғын жойбарларды көбейтиўге айрықша итибар қаратылады. Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги жанындағы Жаслар исбилерменлиги қоры Жаслар ислери агентлиги системасына өткериледи. Жойбардыӊ таяр бизнеске айланып, дәрамат келтириўге шекемги барлық процесинде жәрдем бериледи. 14 район сайлап алынып, “төртинши санаат” кәсиплерине оқытыў орайы ашылады.
Қор тәрепинен аймақлардағы Жаслар санаат зоналарынада имаратлар қурылып, “санаат ипотекасы” тийкарында жоқары қун жарататуғын жойбарлар ушын жасларға 7 жылда бөлип төлеў шәрти менен бериледи. Онда биринши жылы төлем өндирилмейди.
Ҳәр бир ўәлаятта биреўден Бәркамал әўлад орайларында “Креатив санаат парклери” шөлкемлестирилип, оларға IT-парк резидентлери ушын нәзерде тутылған жеӊилликлер бериледи. Бул жерлер жас исбилерменлер, илим ҳәм бизнес арасында байланыс майданшасы болады. Қор бул жердеги жаслардыӊ “стартаплары”на үш жылға 100 миллион сумға шекем ссуда береди.
Магистрал жоллар бойында 50 мыӊ көшпели саўда орынлары шөлкемлестирилип, жасларға ижараға бериледи. Онда дәслепки 5 айда жаслар ижара ҳақы ҳәм салық төлемейди.
Бизге белгили, жыл басында ҳәкимлер, министрлер ҳәм мәмлекетлик шөлкемлердиӊ басшыларына шараяты аўыр 4 миллион ул-қыз бириктирилген еди. Мәнзилли ислесиў нәтийжесинде, өмирде қыйыншылыққа дус келген 420 мыӊ жаслардыӊ машқаласы шешилди, 65 мыӊыныӊ бәнтлиги тәмийинленди. Өз алдына итибарға мүтәж 1 миллион жаслар спорт пенен шуғылланыўды баслады.
Усы тәризде, тәрбиясы аўыр, шаӊарақлық ажырасыў жағдайындағы ҳәм жынаятқа мейиллиги бар жасларды дурыс жолға баслаў зәрүрлиги атап өтилди.
Мектеп, колледж, жоқары оқыў орынларыныӊ стадионлары, спорт залы, бассейн ҳәм китапханалары мәҳәлле жаслары ушын бәрқулла ашық болатуғыны белгиленди. Сондай-ақ, жаз мәўсиминде спорт беллесиўлери, дөретиўшилик таӊлаўлар ҳәм кино күнлери өткерилетуғыны айтылды.
Мийнет ярмаркалары шөлкемлестирилип, 250 мыӊ жасты жумысқа жайластырыў илажлары көриледи. Сондай-ақ, 100 мыӊ адамды қурылыс жумысларына тартыў мүмкин.
Ҳаял-қызларға жәрдемлесиў, шараятларын жақсылаўға итибар даўам еттириледи. Аўыр шараятқа түсип қалған ҳаял-қызлар ушын барлық аймақларда 1 ханалы социаллық турақ жайлар қурылады. Олар жумысқа жайласып, “аяққа турып алғанға шекем”, бул турақ жайларда 3 жыл даўамында бийпул жасаўы мүмкин болады.
Денсаўлығы себепли жумысқа қатнай алмайтуғын ҳаял-қызлар шаӊарағында жумысты бөлип алып ислеў яки аралықтан жумыс пенен тәмийинленеди. Буннан тысқары, үш жасқа шекем перзенти бар студент-қызларға аралықтан билим алыў имканияты жаратылады.
Мәжилис ашық сөйлесиў түринде болды. Елимиздиӊ түрли аймақларынан қатнасқан ҳәм сырт еллерде оқып атырған жаслар өз пикир-усынысларын билдирди.
Жуўапкерлерге оларды улыўмаластырып, пәрман жойбарына киргизиў тапсырылды.
– Жасларымыз өмирде мүнәсип орнын табыўы ушын буннан кейин де бар күш ҳәм имканиятларды толық иске қосамыз. Сизлер мәмлекетимиздиӊ исеними ҳәм сүйениши, келешегимиздиӊ қурыўшыларысыз, – деди Президент.
ӨзА