2025-жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама жойбарында мәмлекетимизде турақ жай имаратлары қурылысына жаңа талапларды ислеп шығыў режелестирилмекте. Бул жәмийетшиликке додалаў ушын жәрияланған.

Сентябрь айына шекем көп қабатлы турақ жай имаратларын жойбарлаў, қурыў ҳәм пайдаланыўға тапсырыў процесинде автомобильлер ушын жер асты тоқтаў орынларын шөлкемлестириўди нәзерде тутыўшы ҳүжжет жойбарын ислеп шығыў усыныс етилмекте. Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққындағы Президент қарары жойбарында жер асты автомобильлер де көрсетилген.

Басқа усыныслар арасында шығынды, жаўын ҳәм техникалық суўдан пайдаланған ҳалда суўғарыў системаларын орнатыў, санитариялық-техникалық қураллар пайдаланатуғын суў көлемин 3-6 литрге шекем шеклеў, суў муғдарын азайтыў ушын аэратор араластырғышлардан пайдаланыў сыяқлылар да бар.

Буннан тысқары, имаратлардың дийўалларын базальт тийкарындағы материаллар менен изоляциялаў ҳәм үйлерди газ ийиси сигнализаторы менен үскенелеў режелестирилмекте.

2023-жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама ҳаққындағы қарарда турақ жай имаратлары, социаллық ҳәм саўда объектлерин жойбарлаў ҳәм қурыўда автомобильлер туратуғын орынлар, соның ишинде, көп қабатлы ҳәм жер асты тоқтаў орынларын шөлкемлестириў мәжбүрий болыўы нәзерде тутылған еди.

Бирақ Қала қурылысы кодексине өзгерислер киргизилмеди.

ӨзА