Өзбекстан елшиханасы трепинен жаңа мәўсимде Британия аўыл хожалығы тараўына өзбекстанлы мийнет мигрантларын тартыў мақсетинде «Pro-Force Limited» ҳәм «HOPS Labour Solutions Ltd» рекрутинг агентликлериниң ўәкиллери менен сөйлесиўлер өткерилди.
«Дунё» МАның мәлим етиўинше, сөйлесиўлер нәтийжесинде быйылғы жылдың февраль айында «Pro-Force Limited» агентлигиниң Ташкентке сапарын шөлкемлестириў ҳәм 3 мыңға шамалас сайлап алынған талабанларды басқышпа-басқыш түрде Уллы Британияда жумыс пенен тәмийинлеў бойынша келисимлерге ерисилген.
Сондай-ақ, «HOPS Labour Solutions Ltd» компаниясы Миграция агентлиги менен биргеликте 14.15-январь күнлери өзбекстанлы мийнет мигрантлары ушын онлайн тәризде тест сынақларын шөлкемлестириўге келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги