Жәмийетшиликке додалаў ушын жәрияланған 2025-жылға мөлшерленген Мәмлекетлик бағдарлама жойбарының 45-мақсети «2030-жылға шекем экономика көлемин 2 есеге арттырыў ҳәм «дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер» қатарына кириў» болып, онда соның ишинде айырым өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм реализациялаў ушын компенсация төлем (жыйым)ин енгизиў режелестирилмекте.
Ҳүжжет жойбарына бола, Экономика ҳәм қаржы министрлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте бул бойынша тийисли тәртипте усы жылдың сентябрь айына шекем усыныслар таярлайды.
Онда, углерод изи жоқары болған санаат өнимлери (цемент, көмир, суйылтырылған газ ҳәм басқа.) ушын «Карбон жыйымы» системасын енгизиў ҳәм олардан келип түсетуғын қаржыларды аймақларда экологиялық машқалаларды шешиўге бағдарлаў мәселелери бойынша усыныслар таярлаў нәзерде тутылады,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги