(Гүрриң)

-Мен буны жемеймен. Аштан өлсемде бүгиннен баслап аўқат жемеймен. Усы күнге шекем ҳәр кимниң несийбесин жеп киятырған екенбизғо,- Дәўлет анасының падносқа салып келген гүртикти  ысырып жиберди де, орнынан турып кетти. Еле кишкенеғо деп есаплайтуғын баласының үлкейип, ҳәмме нәрсеге терең ой жуўырта алатуғын дәрежеге жеткенин көрген Мүслима бир жағынан қуўанса, бир жағынан иши ийт жыртқандай қыйналды.

-Мен енди кишкене бала емеспен. Тоғызыншы класс болдым. Адамлардың гәпинен шаршап кеттим апа. Мен урының баласы екенменғо. Баяғыдан берли әкемиз бизлерди урлық нәрселер менен тамағымызды тойдырған екенғо. Жулқынып шығып баратырып, қапының тутқасын услаўы менен артына қарап турып, жас толы нәзери менен айтқан оның  гәплери анасының биротала жети насырын бүкти.

Еки күннен берли шаңарақта болып атырған урыс-жәнжелден балаларда шаршап кеткен еди. Биресе қоңсылас мәмлекетлерге барып келип, биресе аўылда жүрип, белгили кәсип-кәри жоқ бир жақлардан пул таўып келетуғын Нийетбайдың сыры ойламаған жерде ашылып қалды. Усы урлықтың себебинен аўылынан көшип келип, пайтахттың шетлеў жеринде қоныс басып жасап атырған ол шериклеслери менен бир үйге урлыққа түскен жеринде үй ийеси тәрепинен усланады. Абайсызлықта қолға түсип, өлгенше таяқ жеген оны үйине алып келип, балаларының алдында да сабайды.

-Мине, көриң. Сизлердиң әкеңиз уры. Сизлер урының балларысыз. Усы нәрестелерге ҳарамнан тамақ жегизип жүрген сени арбаға тартқызып, қолыңды шабыў керек. Бирақ, олай ислемеймиз. Сени нызамлы жаза алыўың ушын , ҳуқық қорғаў орынларына тапсырамыз,-деп жәбирлениўши қара дәпең кисиниң гәпине Мүслима шыдап тура алмады.

-Бул уры болса неге милицияға тапсырмайсаң. Неге бул жерге әкелип турсаң. Балларында не айып бар. Енди булар қандай жағдайға түсетуғынын билесеңбе? Сизди де милицияға тапсыраман. Бундай жол тутыўға ҳаққыңыз жоқ.

-Мен алып келмес едим. Менде де ақыл бар қарындасым. Бул ҳәзир екинши мәрте үйимизге урлыққа түсиўи.  Буннан үш ай алдын түскенинде буларды көрип қалған кишкене қызымның басына урып, жарақатлап кеткен. Әттең сол ўақытта қолыма түскенде өлтирер едим.

Қулласы ол не деди, бул не деди менен урыстың соңы улғайып, қоңсы-қобалар да жыйналып қалды. Ақырында Нийетбайды милицияға алып кетти.

Буннан соң шаңарақта кеўилсиз күнлер басланды. Баллардың да, Мүслиманың да кеўил кейпияты болмады. Баллары кишкене гезинде аўылдағы бир үйге урлыққа түсип, соннан аўыл халқының буларды көширип жибергенинен кейин Мүслима кишкене еки баласы менен айырылысып, төркинине кетип, бираз ўақыт отырды. Өлердеги сөзин айтып, бул әдетти қойдым, енди ҳадал мийнет етип, күн кеширемиз дегенинен соң балларын тири жетим етпейин деп қайта қосылғаны еди. Бирақ, «Үйренген әдет қалама, көтере бер мушыңды» дегениндей, ол бул әдетин тасламады.

Бул ўақыядан соң Нийетбай топар болып ислеген урлық жынаяты менен қамалып кетти. Баллары менен қостары  күшли руўхый түскинликте қалды. Көшеде бас көтерип жүриў, мектепте классаласлары алдында жүзлериниң төмен болғанлығы олардың  және бул жерден қонысын өзгертип көшиўине  себепши болды…

Арадан жыллар өтти. Нийетбай жазасына жарасы белгили ўақтын  өтеп үйине шығып келди. Бирақ көп өтпей және кетти… Бул арада ул-қызлары ер жетип, жаңа өмирге қәдем таслады. Мүслийма мектепте сипсекешлик етип, перзентлери қолынан келген мийнетлерди ислеп, күн көрди. Қатарға қосылды. Әттең, әке ушын перзент жуўап бермесе де, олардың ислеген ҳәр қандай игри ислери перзенттиң жүзин төмен етип, түбинде олардың бахтына кесирин тийгизер екен.  Бир күни қызы «урының қызы» деген тамға менен турмысынан ажырасып, төркинге қайтып келди. Баласы болса жора-жолдасы алдында жүзи төмен, тили қысық еди. «Урының баласы» деп бетиме айтып жибермегейда деп жасаған қәўетерли өмири ушын, усы тамғаны оларға әперип кеткен әкеси темир тор артында отырып бир ойланып көрдимекен.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги