Электрон сигарета қандай ақыбетлерге алып келеди? (+видео)

336

Бүгинги күнде жаслар арасында электрон сигареталарды пайдаланыў артып бармақта. Ашынарлысы, мектеп оқыўшылары ҳәм қызлар да бул зыянлы қураллардан пайдаланбақта. Таллаўларға бола, электрон сигареталардан пайдаланыўшы 18-29-жастағы жаслар 32 мыңнан аслам.

Бүгин 20 мыңға шамалас ул балалар ҳәм  мыңға шамалас қыз балалар шегиўге  бейимли, 12 мыңнан аслам балалар ҳәм жас өспиримлер бул сигареталарды турақлы шегеди.

2021-2023-жылларда мәмлекетимизге баҳасы 28,5 миллион долларлық 5 миллион 400 мың дана электрон сигареталар сырт елден импорт етилген болып, бул көрсеткиш алдынғы  жылларға   салыстырғанда 80 есеге артқан.

Көпшилик электрон сигареталардың зыяны азырақ деп ойлайды. Бирақ оның қурамындағы  никотин суйықлығының инсанға унамсыз тәсири наркотик заттан да көбирек. Электрон сигареталар организмде никотинге ғәрезлиликти арттырады, балалар ҳәм жас өспиримлерде мий раўажланыўына, интеллект, билим ҳәм қәбилеттиң азайыўына, руўхый агрессивлик раўажланыўына алып келеди.

Сондай-ақ, бронх-өкпе системасында зәҳәрлениў, астма, бронхит, өлимге алып келетуғын  аяз, ракти келтирип шығарыўы мүмкин. Орайлық нерв системасы, бүйрек ҳәм баўыр функциясының бузылыўы, сондай-ақ, гипертания, инсульт, инфаркт сыяқлы жүрек-қан тамыр  кеселликлериниң раўажланыўына алып келеди.

Бүгинги күнде дүньяның 37 мәмлекетинде электрон сигарета айланысы қадаған етилген. Атап айтқанда, Норвегия, Иран, Ирак, Түркия, Сингапур, Түркменстан, Қазақстан, Қырғызстан, Бельгия сыяқлы мәмлекетлерде электрон сигареталарды сатыў қадаған етилген.

Енди Өзбекстанда да электрон сигареталардың айланысына шек қойыў, қадаған етиў мәселеси нызам дәрежесинде беккемленбекте. Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде электрон сигареталардың  айналысын қадаған етиў ҳәм жуўапкершилик белгилеўге қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Ноиба Иноятова усы нызам жойбарының әҳмийети ҳәм онда нәзерде тутылып атырған нормалар ҳаққында айтып өтти:

– Бүгин электрон сигареталарды пайдаланып атырған жаслар арасында қызлардың да бар екенлиги ашынарлы. Жойбар менен электрон сигареталардың айланысы қадаған  етилмекте ҳәм бул тәртипти бузғаны ушын тийисли жуўапкершилик көрсетилмекте. Нызам жойбарының қабыл етилиўи миллет генофондын сақлаў, келешек әўлад ўәкиллериниң саламатлығын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе, – дейди  депутат.

Муҳтарама Комилова, Дониёр Ёқубов, Анвар Аҳмедов (видео), ӨзА