Ташкент қаласында «Бес баслама паралимпиадасы» шеңберинде жуўмақлаўшы финал басқышы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы жарыс жуўмағында 5 алтын, 1 гүмис ҳәм 3 қола медальларын ийелеп, биринши орынды ийелеўге миясар болды.

2-3-орынлар болса, Ферғана ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты параспортшыларына несип етти.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы