«Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылында әмелге асырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама ҳәм оны тастыйықлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманының жойбары ислеп шығылып, кең жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жәрияланды.

Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында 5 әҳмийетли бағдар бойынша 2025-жыл ушын әмелий илажлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими ҳәм мақсетли көрсеткишлер нәзерде тутылмақта.

Бағдарлама жойбары Олий Мажлис Нызамшылық палатасында қызғын додаланбақта, фракциялар ҳәм комитетлердиң мәжилислеринде толық көрип шығылмақта. Сиясий партиялардың фракциялары ҳәм комитетлер ағзалары усы бағдарламалық ҳүжжеттиң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында өз мүнәсибети ҳәм усынысларын билдирмекте.

– Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында мәмлекетимизди комплексли раўажландырыў бойынша барлық тараў ҳәм бағдарлар бойынша быйылғы жылы әмелге асырылатуғын әҳмийетли мақсет-ўазыйпалар белгилеп алынған, – дейди депутат ӨзЛиДеП фракциясы ағзасы Хушвақт Ҳайитов. – Әсиресе, санластырыў, халықты исбилерменликке тартыў, сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж қатламды қоллап-қуўатлаў, бундай шаңарақ перзентлериниң билим алыўы, мәлимлеме технологияларын өзлестириўи ушын шараятлар жаратыў, соның менен бирге, оларға келешекте мәмлекетлик грант тийкарында квоталар ажыратыў мәселелери өз көринисин тапқаны итибарлы. Оннан тысқары, жасыллықты кеңейтиў «жасыл экономика»ны раўажландырыўға қаратылған кең көлемли ўазыйпалар нәзерде тутылып атырғаны айрықша әҳмийетке ийе. Жойбардағы илажлар мәмлекетимиздиң раўажланыўына, турмысымызды және де жақсылаўға хызмет етеди.

Ҳақыйқатында да, 2025-жылғы мәмлекетлик бағдарлама жойбарында нәзерде тутылып атырған барлық бағдардағы мақсет-ўазыйпалар ертенги күнимизди және де абадан етиўге, мәмлекетимиздиң раўажланыўын жоқары текшеге көтериўде әҳмийетли орын тутады. Ҳүжжет жойбары кең жәмийетшиликтиң додалаўы ушын халықшыл ҳәм турмыслық ҳүжжетке айланатуғыны анық.

Муҳтарама Комилова, ӨзА