Бас нызамымызда Өзбекстан социаллық мәмлекет екени қатаң белгилеп қойылды. Бул принциптиң әмелдеги орынланыўы шеңберинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, социаллық қорғаў мәселелерин әҳмийетли ўазыйпасы сыпатында белгилеген Өзбекстан Халық Демократиялық партиясы шөлкемлери ҳәм депутатлық бирлеспелери де усы бағдарда бир қатар басламаларды алға қоймақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясы барлық жаңа туўылған балалар ушын балалар депозитин ашыў бойынша жойбарды ислеп шығыў, фракция мәжилисинде додаланды.
Социаллық мәмлекет статусын беккемлеў бойынша ис-ҳәрекетлер шеңберинде жаңа туўылған баланы тәрбиялаўда ата-аналарды қоллап-қуўатлаў илажларын күшейтиў мақсетке муўапық. Буның ушын қосымша имканиятлар жаратыў ҳәм оларды балаларға узақ мүддетли қаржы киргизиўге және де кеңнен тартыўды хошаметлеўши илажларды излеп табыўымыз керек. Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары Рустем Сапарбаев тәрепинен ислеп шығылған «Барлық жаңа туўылған балалар ушын балалар депозитин ашыў бойынша жойбар» үлкен әҳмийетке ийе.
Бул жойбар бала ер жеткенде шахс сыпатында қәлиплесиў, билимин раўажландырыў ушын еркин қаржылай ресурсларға ийе болыўын тәмийинлеўге хызмет етеди. Барлық жаңа туўылған балалар ушын «балалар депозитин» ашыў, бул депозитти ата-аналар, яки басқа қәўендерлер тәрепинен нызам тийкарында басқышпа-басқыш толтырыў имканияты менен тәмийинлеў ҳәм 18 жасқа толғанда, жыйналған қаржыларды процентлери менен алыў ҳуқықын береди.
Сондай-ақ, айрықша узақ мүддетли инвестициялық раўажланыўды басқышпа-басқыш қәлиплестиреди. Бул болса мәмлекеттен жәрдем пулларын талап етиў ҳәм социаллық жәрдемге мүтәжлик сезимин азайтады. Өз гезегинде, халықтың қорларын және де инвестициялаў ҳәм капиталын жоқарылатыў есабынан оны көбейтиўге бейимлилигин арттырады. Ең әҳмийетлиси, басқышпа-басқыш әмелге асырылатуғын өзгерислер «өли пул» көринисиндеги қорлар көлемин қысқартыўға хызмет етеди.
Жойбарға бола, «балалар депозитиниң» ийесине келешекте ер жеткен мийнетке жарамлы балалардың ата-аналарына ғамқорлық етиў ушын конституциялық миннетлемелерин орынлаў имканияты жаратылады. Нәтийжеде мәмлекеттиң «социаллық мәмлекет» сыпатында имиджи өседи. Буннан тысқары, узақ мүддетте мәмлекеттиң қосымша бюджет қәрежетлери көринисиндеги мәмлекеттиң социаллық жүги қысқарады.
«Балалар депозити»ниң ийеси 18 жасқа толғаннан соң билим алыўды даўам еттириў, турақ жай ҳәм хожалық мәселелерин шешиў, топланған қаржыларды оннан соң инвестициялаў яки олардан басқа жеке нызамлы мақсетлер ушын пайдаланыў сыяқлы талаплары ушын бос қаржылай ресурсларға ийе болады.
Мәжилисте қатнасыўшылар жойбар бойынша өзиниң пикир – усынысларын билдирип, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы бағдарламасына туўра келетуғынын, партия электораты мәплерине хызмет ететуғынын атап өтти. Мәселени сессияның додалаўына алып шығыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.
ӨзА