«Ыссылық электр станциялары» АЖ мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, 2024-жыл даўамында «Тақыятас ЫЭС»та экологиялық турақлылық ҳәм энергияның нәтийжелилигин арттырыў жолында әҳмийетли нәтийжелер атап өтилген.

Онда атап өтилгениндей, станциялар 1,7 МВт қуўатлылыққа ийе фотоэлектр станциясы арқалы 1,75 миллион киловатт саат электр энергиясы үнемлеп қалынды. Бул көрсеткиш 8 753 шаңарақтың бир айлық электр энергиядан пайдаланыўына тең.

Экологиялық әҳмийетке ийе болған және бир тәрепи сол, «жасыл» энергия есабынан 185 мың метр куб газ үнемленди. Сондай-ақ, станцияда 380 қуяш панельли жақтыландырыў шырағы 76 мың киловатт саат, 380 ҳәрекет датчик 55 мың киловатт саат ҳәм 22 частота өзгерткиш қурылмасы болса 1,1 миллион киловатт саат электр энергиясын үнемлеўге хызмет етти.

Қуяш энергиясынан және де нәтийжели пайдаланыў мақсетинде көлеми 2800 литр болған 14 қуяш суў ысытыў қурылмасы арқалы 47 Гкал ыссылық энериясы ислеп шығылды. Бул процессте 7 мың метр куб тәбийғый газ үнемленген.

Бул нәтийжелер, «Тақыятас ЫЭС»тың турақлы раўажланыў жолындағы исенимли қәдемлериниң нәтийжеси. Станцияда әмелге асырылып атырған жойбарлар тек ғана ресурсларды үнемлеўге емес, ал қоршаған орталықты қорғаўға да хызмет етпекте. «Жасыл» технологиялардан пайдаланыў арқалы энергия ресурсларын үнемлеў республикалық көлемде әҳмийетли ҳәм перспективалы болып есапланады.

ӨзА