Ыссыхана – қолайсыз климат шараятында егинлерге жасалма орталық (температура, жақтылық, ығаллық ҳ.б.) жарататуғын қурылма болып, онда мәўсимнен тысқары дәўирлерде де өним жетистириў, нәллер өсириўге хызмет етеди.
Соңғы жылларда елимизде, соның ишинде, республикамызда ыссыханаларда өним жетистириўге үлкен итибар қаратылып, кең мүмкиншиликлер жаратылмақта.
Тақыятас районындағы Найманкөл мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан “Найман агротеплица” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен шөлкемлестирилген 8,5 гектарлық жер майданындағы ыссыханада овощ өнимлери тәрбияланбақта.
Усы ыссыханадағы 8,5 гектар майданға помидор нәллери егилген болып ҳәзирги ўақытта өним бериў алдында. Бундай жумыслар, әлбетте, базарларымызда таза помидор өнимлериниң көбейиўине, баҳалардың турақлылығын сақлаўға тийкар жаратады.
Исбилермен бүгинги күнде 43 жумыссыз пуқараны жумыс пенен тәмийинлеген. Соннан отызы ҳаял-қызлар болып есапланады.
Соның менен бирге, исбилермен келешекте ыссыхана жумысын кеңейтиў, жумыс орынларын және де көбейтиў нийетинде екенлигин атап өтти.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги