Бизге белгили, 2024-жылдың 29-январь күни болып өткен мәжилисте Шавкат Мирзиёев Бас министр Абдулла Ариповқа 2025-жылдан AI-80 маркалы бензиннен ўаз кешиў мәселесин үзил-кесил шешиў бойынша тапсырма берген еди.
Президенттиң «Өзбекстан-2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика» жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманы жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.
Пәрманға бола, 2025-жыл 1-майдан баслап Ташкент ҳәм Нөкис қалалары ҳәм ўәлаят орайларында төмендеги бағдарларда жаңа жойбарларды әмелге асырыў қадаған етиледи:
- асбест, цемент ислеп шығарыў, шлам ҳәм шлаклар;
- тери-өнерментшилик, қусшылық фабрикалары;
- нәтийжелилиги жоқары болған шаң-газ тазалаў объектлери менен үскенеленбеген ҳәр қандай түрдеги көмир жағыў;
- қара ҳәм реңли металлургия заводлары, қурамында зыянлы араласпалар бар айна, зыянлы химиялық элементлер менен ислеў;
- қәўиплилик дәрежеси I ҳәм II класына тийисли шығындыларды қайта ислеў ҳәм жағыў кәрханалары.
Буннан тысқары, 2025-жылдың ақырына шекем Евро – 4 стандартынан төмен экологиялық категориядағы мотор жанар майынан пайдаланыў ҳәм сатыўды шеклеў усыныс етилген.
Сондай-ақ, республиканың барлық аймақларында жайласқан ыссылық ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыў кәрханаларына жанар май сыпатында мазуттан пайдаланыўды қадаған етиў, буған Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалда авариялық жанар май сыпатында пайдаланыў жағдайлары кирмейтуғыны атап өтилген.
Еслетип өтемиз, Президент пәрманы жойбары бойынша жәмийетшиликтиң додалаўы 22-январьға шекем даўам ететуғыны белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги