Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында ҳәр пийшемби – ҳуқықбузарлықларға қарсы профилактика күни сыпатында турақлы түрде өткерилиўи дәстүрге айланған.

“Даўыт ата” шегара бажыхана постында профилактикалық ушырасыў болып өтти.

Илажда усы шегара бажыхана посты арқалы ҳәрекетленип атырған пуқаралар менен өткерилген профилактикалық илаж бажыхана қадағалаўы тәртип-қағыйдаларына бағышланды.

Онда бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен пост арқалы ҳәрекетленип атырған пуқараларға бажыхана шегаралары арқалы товар-материаллық байлықларды алып өтиў нормалары ҳәм дәўирлилиги бойынша кең түрде түсиниклер берилди. Бажыханадан алып өтиў нормаларынан артқан товарларға өндирилетуғын бажыхана төлемлериниң түрлери ҳәм ставкалары бойынша да мағлыўматлар берилди.


Пуқараларға бажыхана тәртип-қағыйдалары бойынша жазба қолланбалар, буклетлер тарқатылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги