Жаслар ислери агентлигинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары, Жаслар парламенти ағзалары ҳәм агентлик директоры, сенатор Алишер Саъдуллаевтың қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди.
Онда Жаслар парламентлариниң жумысы, келешектеги режелер ҳәм оны жаңа басқышқа алып шығыў мәселелери додаланды.
Бизге белгили, өткен дәўир даўамында бул структура жаслардың сиясий-ҳуқықый билим ҳәм көзқарасларын раўажландырыў, оларды нызам дөретиўшилиги процесине тартыў, жаңадан қабыл еитилген нызамларды жаслар арасында үгит-нәсиятлаў арқалы жигит-қызлардың жәмийетлик турмыстағы қатнасын күшейтиўге хызмет ететуғын әҳмийетли институт сыпатында қәлиплести.
Ең әҳмийетлиси, мәмлекетимиз парламентаризминде өз орнын тапты ҳәм ҳақыйқый мәнисте, парламент ҳәм жаслар арасында көпир ўазыйпасын атқармақта.
Ушырасыўда парламент ағзалары тәрепинен теңдей имканиятлар жаратыў, экологиялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў, ҳуқықый саўатлылықты арттырыўға тийисли подкадстлар таярлаў, жаңа нызам ҳүжжетлерин додалаў ушын платформалар шөлкемлестириў ҳәм қаржылай жәрдем мәселелери бойынша усыныслар билдирилди.
Гулноза Бобоева, ӨзА