Жəмийеттиң раўажланыўына кери тәсирин көрсетиўши “коррупция” иллетин кең жәмийетшилик, ҳəр бир пуқара менен биргеликте ҳəрекет етип жеңиў мүмкин. Бул жолда ҳуқықый үгит-нəсиятлаў ҳəм профилактикалық илажлардың əҳмийети үлкен.

“Нөкис-аэропорт” шегара бажыхана посты арқалы “Нөкис-Ақтаў” рейси менен ушып баратырған пуқараларға бажыхана нызамшылығындағы тəртип-қағыйдалар бойынша мағлыўматлар берилди.

Илажда бажыхана қадағалаўынан өтиў процесслеринде бажыхана нызамшылығына қатаң əмел етиў, қадаған етилген товар-материаллық байлықларды бажыхана шегаралары арқалы алып өтиўге урынбаў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.

Соның менен бирге, миллеттиң раўажланыўына тусаў болған  коррупцияға жол қоймаў, ҳәр қандай жағдайда да бажыхана хызметкерлерине “пара” усыныс етпеў, егер, бажыхана уйымларының хызметкерлери тəрепинен дәмегөйлик, материаллық мəпдар болыўға урыныў жағдайлары ушырасса, Бажыхана комитетиниң 11-08, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының (61) 224-90-86 исеним телефон номерлерине қоңыраў етип, хабар бериўи соралды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги