Өзбекстанның Оман Султанлығындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы Елшиси Абдусалом Ҳотамов усы араб мәмлекетиниң Ташкенттеги Елшиси Вафо Жабр Носир Ал-Бусаидий ханым менен ушырасты.
Сөйлесиў даўамында 2025-жылда режелестирилген сиясий, экономикалық, гуманитарлық тараўлардағы биргеликтеги илажларды нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм өз-ара байланысларды жаңа басқышқа көтериўге қаратылған жумыс бойынша пикир алысылды.
– Кәсиплесим менен еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў, атап айтқанда, быйылғы жылға мөлшерленген бир қатар бағдарлардағы илажлар ҳаққында сөйлестик, – деди елшимиз.
Бирге ислесиўдиң раўажланыўында әҳмийетли орын тутатуғын туристлердиң өз-ара ағымын тезлестириў ҳәм студентлер алмасыўы көлемин кеңейтиў мәселеси айрықша додаланды.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА