Әдиллик министрлиги хызметкерлери ҳәм Түркия патент уйымы менен биргеликте географиялық көрсеткишлерди экпертиза етиў, дизимнен өткериў, коммерцияластырыў ҳәм ҳуқықый қорғалыўын тәмийинлеў бойынша тәжирийбе алмасыў мақсетинде онлайн дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Дөгерек сәўбетинде Әдиллик министрлиги хызметкерлери ушын географиялық көрсеткишлерди анықлаў, экспертизадан өткериў, үгит-нәсиятлаў, халықаралық системалар арқалы экспертизадан өткериў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға байланыслы темалар додаланды.

Түркия патент уйымы менен келешекте биргеликте семинар-тренинглер өткериў бойынша келисимге ерисилди.

Н.Абдураимова, ӨзА