Жәмийетшиликтиң додалаўы ушын қойылған 2025-жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама жойбарында Канада, Бразилия ҳәм Америка континентиниң басқа жетекши бирге ислесиўши мәмлекетлери менен кең көлемли бирге ислесиў байланысларын және де тереңлестириў ҳәм ҳәр тәреплеме кеңейтиў мәселеси көтерилген.
Соның ишинде, 2025-жылдың ақырына шекем Канадада Өзбекстан Бас консулханасын ашыў режелестирилмекте.
Сондай-ақ, Канада, Бразилия, Куба менен сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң гезектеги раундларын шөлкемлестириў ҳәм усы сыяқлы жетекши мәмлекетлердиң потенциаллы компанияларын Өзбекстанға тартыў арқалы биргеликтеги жойбарлары әмелге асырыў ҳәм түрли экономикалық илажларды шөлкемлестириў мәселесин ислеп шығыў нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, ҳүжжет жойбарында Куба менен денсаўлықты сақлаў ҳәм фармацевтика тараўларындағы бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў ҳәм Латын Америкасында аўыл хожалығы тараўы раўажланған мәмлекетлердиң жуўапкер министрлик ҳәм мәмлекетлик уйымлары менен бирге ислесиў байланысларын орнатыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў мақсет етилген, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Қарақалпақстан хабар агентлиги