Ѳзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниӊ 28-статьясына бола, он алты жасқа толған жас өспирим  шахс мийнет шәртнамасы бойынша ислеп атырған болса ямаса ата-анасы, перзентликке алыӯшылары яки қәӯендериниӊ келисимине бола исбилерменлик пенен шуғылланып атырған болса, ол толық қарым-қатнасыққа уқыплы деп жәрияланыўы мүмкин.

Жас өспирим  шахсты толық қарым-қатнасыққа уқыплы деп жәрия етиӯ (эмансипация) ата-ананыӊ, перзентликке алыӯшылардыӊ яки қәӯендериниӊ келисими менен әменгерлик ҳәм қәӯендерлик уйымныӊ шешимине муӯапық ямаса бундай келисим болмаған жағдайда, судтыӊ шешими менен әмелге асырылады.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал кодексине бола, шахсты эмансипациялаў етиӯ ҳаққындағы арзалар өз алдына көрип шығылып, он алты жасқа толған жас өспирим шахс өзи жасап атырған жердеги  судқа толық қарым-қатнасыққа уқыплы деп жәриялаў  ҳаққындағы арза менен шығады.

Пуқаралық судлары тәрепинен бундай мазмундағы арзаларды қабыл етиӯде, орынлардағы әменгерлик ҳәм қәӯендерлик уйымлары жас өспирим шахсты толық қарым-қатнасыққа уқыплы деп жәриялаӯды бийкар еткенлигин тастыйықлаӯшы дәлиллер бар ямаса жоқлығына итибар қаратыӯы лазым.

Суд тәрепинен 16 жасқа толған шахс толық қарым-қатнасыққа уқыплы деп табылғанынан баслап-ақ, ол нызамшылықта қарым-қатнасыққа уқыплы деп табылған шахс, орынланыӯы мүмкин болған ҳәрекетлерди әмелге асырыӯ ҳуқықына ийе болады.

 

 

Н.Таиров,  Пуқаралық  ислери  бойынша Үргенш

районлараралық  судыныӊ  судьясы.

Қарақалпақстан  хабар  агентлиги