Теориялық ҳәм әмелий имтиханлардан табыслы өткен пуқаралар енди жаӊа айдаўшылық гүўалығын рәсмийлестириў ушын тийисли шөлкемлерге сергиздан болып барыўына зәрүрлик қалмады.

My.gov.uz арқалы бул процесс және де аӊсат ҳәм қолайлы болды, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Хызметтен пайдаланыўда ҳеш қандай ҳүжжетлер талап етилмейди. Барлық мағлыўматлар системада бар.

Таяр гүўалықты, қәлесеӊиз, өзиӊизге еӊ жақын Мәмлекетлик хызметлер орайына барған ҳалда яки қосымша төлем есабынан почта хызмети арқалы үйиӊизде қабыл етип алыӊ.
my.gov.uz арқалы тез, қолайлы ҳәм заманагөй болған бул имканияттан пайдаланып, ўақтыӊызды үнемлеӊ. Арзаны қәлеген ўақытта бир неше түймени басыў арқалы аӊсат толтырыӊ.

Ҳәттеки мүрәжатиӊиздиӊ жағдайын реал ўақытта бақлап барыўыӊыз мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги