Беларусь Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза болды. Тийисли қарарға Астанада болып өткен ШБШға ағза мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилисинде қол қойылды.
Солай етип, Беларусь ШБШның толық ҳуқықлы, оныншы ағзасына айланды. Шөлкемде Ҳиндстан, Иран, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Пакистан, Россия, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан да әне, усындай статусқа ийе.
«Беларусь Республикасының Шанхай бирге ислесиў шөлкемине толық ағза болыў ҳаққында қарар қабыл етилди, ҳүрметли Александр Григоревич, бүгин Беларусь тарийхында жарқын бет болатуғынына исенимим кәмил», – дейди ШБШның быйылғы саммитинде басшылық етип атырған Қазақстан президенти Қасым-Жомарт Тоқаев.
Ол, сондай-ақ, Беларусь ШБШ мәканында қәўипсизликти беккемлеўге үлкен үлес қосатуғынына исеним билдирген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги