«Басламалы бюджет»тиӊ екинши мәўсимине 6-июльден старт бериледи
691

Усы мәўсим ушын районлық ҳәм қалалық бюджетлери есабынан 2 трлн сумнан зыят қаржы қаратылады.
Бул ҳаққында Экономика ҳәм қаржы министрлигиниӊ баспасөз хызмети хабар берди.
Хабарға бола:
- Жойбарлар киргизиў: 6–26 июль;
- Жойбарларды сайлаў: 26 июль–15 август;
- Үгит-нәсиятлаў: 15–22 август;
- Даўыс бериў: 22 август–1 сентябрь сәнелери даўамында өткериледи.
Быйылғы жылы жойбарлардыӊ еӊ жоқары баҳасы 1 млрд 360 млн сумды қурайды.
Мағлыўмат орнында: «Басламалы бюджет»тиӊ биринши мәўсиминиӊ жеӊимпазлары апрель айында жәрияланған еди. Онда республика бойынша жәми 2770 жойбар жеӊимпаз деп табылған, оларды қаржыландырыўға 3,3 триллион сум қаратылған. Даўыс бериў процесслеринде 11,7 млн адам қатнасқан.
2024-жылы «Басламалы бюджет» теги жойбарларда «Бир пуқара – бир даўыс» системасы әмел етпекте. Яғный бир пуқарада бир неше телефон номер болса да, ол тек биреўинен даўыс бере алады.
ӨзА