“Умра”  илажларын шөлкемлестириў лицензияланатуғын жумыстыӊ айрықша түри ретинде белгиленди

605

Быйылғы жылдыӊ 2-июль күни Президент тәрепинен қол қойылған Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

“Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы Нызамға киргизилген өзгерис ҳәм қосымшаға бола, “Умра” илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша хызметлер көрсетиўге байланыслы жумыс лицензияланатуғын жумыстыӊ айрықша түри ретинде белгиленди.

Онда, Дин ислери бойынша комитет бул тараўдағы лицензиялаўшы ўәкилликли уйым сыпатында белгиленди.

Сондай-ақ, “Умра” илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша жумыс ушын лицензия алыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын юридикалық тәреплерге салынатуғын жәриймалардыӊ муғдарлары БЕМниӊ 200 есеси (68 млн сум) етип белгиленди.

Буннан тысқары “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамға киргизилген өзгериске бола, Дин ислери бойынша комитет тәрепинен “Умра” илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша жумысын лицензиялағаны ушын төленетуғын мәмлекетлик бажы БЕМниӊ 10 есеси (3 млн 400 мыӊ сум) етип белгиленди.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен соӊ күшке киреди.

ӨзА