Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Саудия Арабстаны Мәсләҳәт кеңесиниң «Саудия-Өзбекстан» дослық топарының баслығы Муҳаммад бин Абдулазиз ал-Жарба басшылығындағы делегация менен ушырасты, – деп хабар бермекте Сенаттың рәсмий веб-сайты.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны басшыларының сиясий ерк-ықрары себепли мәмлекетлер арасындағы қатнасықлар басқышпа-басқыш кеңейип атырғаны айрықша атап өтилди.

Муҳаммад бин Абдулазиз ал-Жарба Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Өзбекстанда ислам мәденияты ҳәм ағартыўшылығын раўажландырыўға қаратылып атырған итибарды жоқары баҳалады.

Сөйлесиўде еки тәреплеме қатнасықлардың раўажлыныўында парламентлераралық байланыслардың әҳмийетли екенинен келип шығып, оны және де раўажландырыў мәселелерине итибар қаратылды.

Парламент дослық топарлары имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, олардың арасындағы өз-ара бирге ислесиўди және де жеделлестириў ҳәм әмелий нәтийжелер менен байытыў бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысты.

Ушырасыў жуўмағында парламентлераралық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған тийисли ҳүжжет жойбарын ислеп шығыў ҳәм қол қойыўға келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги