Бул ҳаққында мәмлекетимиз басшысыныӊ усы жыл 2-июльдағы “Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманында белгилеп қойылды.

Пәрманға бола, Мектепке шекемги билимлендириў агентлигиниӊ жумысы сапластырылды ҳәм Агентликтиӊ шөлкемлестириў структурасындағы шөлкемлер Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине өткерилди.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда мектепке шекемги жастағы балаларды ҳәр тәреплеме интеллектуаллық, әдеп-икрамлылық, эстетикалық ҳәм физикалық раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия процесслерине заманагөй инновациялық педагогикалық технолоияларды, билимлендириў ҳәм тәрбияныӊ нәтийжели түрлери менен усылларын енгизиў, мектепке шекемги билимлендириўдиӊ оқыў-реже, бағдарлама ҳәм  оқыў-методикалық комплекслерин жетилистириў, олардыӊ улыўма орта билимлендириў бағдарламалары менен үзликсизлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери арасында саламат бәсеки орталығын жаратыў есабынан барлық балалардыӊ мектепке шекемги билимлендириў менен басқышпа-басқыш қамтып алыныўын тәмийинлеў сыяқлы қосымша функциялар жүкленди.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА