Минскте ҒМДАға ағза мәмлекетлер Қорғаныў министрлери кеңесиниң мәжилиси болып өтти.

578

Минск қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер Қорғаныў министрлери кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Өзбекстан қорғаныў министри генерал-лейтенант Баҳодир Қурбонов та усы мәжилисте қатнасты.

Бул ҳаққында Қорғаныў министрлиги Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти хабар берди.

Мәжилис алдынан Дослық Аўқамы мәмлекетлери қорғаныў министрлери Минскте жайласқан «Жеңис майданы»ндағы монументке гүл қойды.

Беларусь Республикасы Миллий китапханасында өткерилген мәжилис даўамында қорғаныў уйымлары делегацияларының басшылары ҒМДА форматында көп тәреплеме әскерий бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерин көрип шықты ҳәм мақуллады.

Соның ишинде, биргеликтеги әскерий-илимий жумыс, қорғаныў уйымларының өз алдына қойылған ўазыйпаларды орынлаўдағы заманагөй көзқараслар ҳәм әмелий тәжирийбесине байланыслы мәселелер, 2025-жылға мөлшерленген биргеликтеги илажлар режеси тастыйықланды;

Сондай-ақ, ҒМДА Қорғаныў министрлери кеңеси ағзаларының қарарына муўапық, Россия Федерациясы қорғаныў министри Андрей Белоусов ҒМДА Қорғаныў министрлери кеңесиниң баслығы етип сайланды.

Мәжилис қатнасыўшылары ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң ҳаўа ҳүжиминен қорғаныўдың биргеликтеги системасын жетилистириў ҳәм раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты. ҒМДА Қорғаныў министрлери кеңеси жанындағы Ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў мәселелери бойынша муўапықластырыўшы комитет баслығы ҳаққында қарар қабыл етилди.

Қорғаныў министрлери кеңеси мәжилисиниң жуўмақлары бойынша бир қатар ҳүжжетлер ҒМДА сыртқы ислер министрлери, ҳүкимет басшылары ҳәм мәмлекет басшылары кеңесине көрип шығыў ушын киргизиледи.

ӨзА