Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-июль күни Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси ҳәм “ШБШ плюс” форматындағы ушырасыўда қатнасыў ушын Астана қаласына келди.
Астана халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Қазақстан Республикасы Бас министри Олжас Бектенов ҳәм басқа рәсмий шахслар күтип алды.
Усы күни Астана қаласында сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң сөйлесиўлери болып өтти.
Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы Қытай Баслығына Өзбекстандағы артқа қайтпайтуғын реформаларды исенимли қоллап-қуўатлап атырғаны ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм ҳәр тәрелеме стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге айрықша итибар қаратып атырғаны ушын қызғын миннетдаршылық билдирди.
Жетекшилер кейинги жыллары еки тәреплеме бирге ислесиўдиң барлық бағдарларында үлкен табысларға ерисилгенин атап өтти.
Өзбекстан Президентиниң быйылғы жылдың январь айында Қытайға мәмлекетлик сапары барысында ерисилген келисимлер избе-из әмелге асырылып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Ҳүкиметлер, парламентлер, сыртқы сиясат ҳәм тармақ уйымлары арасындағы байланыслар сезилерли дәрежеде жеделлести.
Жыл ақырына шекем Сыртқы ислер министрлери стратегиялық қарым-қатнасының екинши мәжилисин Ташкент қаласында өткериў режелестирилген. Жақын күнлерде Қытай парламентлериниң жоқары дәрежедеги делегациясының Өзбекстанға сапары күтилмекте.
Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў жедел раўажланбақта.
Өткен жылы товар алмасыў көлеми 14 миллиард долларға жетти. Жақын перспективада бул көрсеткишти 20 миллиард долларға жеткериў имканиятлары атап өтилди.
Инвестициялық жойбарлардың әмелдеги портфели 50 миллиард доллардан артқан. Быйылғы жылдың басынан берли мәмлекетимизде 3 миллиард доллардан аслам Қытай инвестициясы өзлестирилип, 500 ден зыят жаңа биргеликтеги кәрхана шөлкемлестирилди.
Инфраструктура, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы ҳәм “жасыл” энергетика тараўларында стратегиялық бирге ислесиў бағдарламаларын қабыл етиўди жеделлестириўге келисип алынды.
Жақында Жиззақ ўәлаятында Өзбекстан – Қытай технопарки иске қосылғаны ҳәм регионымызда биринши болып “BYD” электромобильлери ислеп шығарыла баслағаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Қытайдың жетекши қаржы структуралары менен бирге ислесиў кеңеймекте. Атап айтқанда, “Жипек жолы” қоры менен инвестиция платформасы жаратылды, Қытай Эксимбанки жәрдеминде пайтахтымызда Олимпиада қалашасының қурылысы жуўмақланбақта. Бул банктиң Ташкент қаласында аймақлық филиалы ашылыўы күтилмекте.
Аймақлараралық алмасыўлардыӊ жеделлескени жоқары баҳаланды. Жыл басынан берли мәмлекетимиздиӊ барлық аймақларыныӊ басшылары бир неше мәрте Қытайға барып, Шинжон-Уйғыр автономиялық районы, Анхой, Цзянси, Цзянсу, Чжэцзян, Шандун, Шэнси ҳәм Шанхай провинцияларыныӊ делегациялары Өзбекстанда болды. Пекин, Урумчи ҳәм басқа бир қатар қалаларда саўда үйлери ашылды.
Келеси жылы екинши Аймақлар форумын өткериў белгилеп алынды.
Президентимиз ҚХР Баслығын кәмбағаллыққа қарсы гүресиў тараўында әмелий бирге ислесиўди қоллап-қуўатлап атырғанын айрықша атап өтти. Бул әҳмийетли бағдарда тәжирийбе алмасыў бойынша узақ мүддетли бағдарлама қабыл етиў усынысы билдирилди.
“Бир мәкан, бир жол” басламасы шеӊберинде транспорт байланысын беккемлеў ҳәм регионды раўажландырыўда стратегиялық әҳмийетке ийе болған Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темир жолын қурыў бойынша әмелий жумысларды тез ўақытта баслаў әҳмийетли екени атап өтилди.
Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша да пикир алысылды. Өзбекстан тәрепиниӊ “бирден-бир Қытай”сиясатын қоллап-қуўатлаў ҳәм “үш жаўыз күш”ке қарсы гүресиў бағдарындағы позициясыныӊ өзгермейтуғыны тастыйықланды.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, “Орайлық Азия – Қытай” форматы ҳәм басқа халықаралық ҳәм регионаллық структуралар шеӊбериндеги тығыз бирге ислесиў даўам еттириледи.
Мәмлекетимиз басшысы ҚХР жетекшисине ШБШға басшылық дәўиринде үлкен табыслар тиледи.
Туризм, илим, билимлендириў, кадрлар таярлаў ҳәм қытай тилин үйрениў тараўларында бирге ислесиўди кеӊейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Жақында Ташкентте Орайлық Азиядағы Конфуций институтлары форумы болып өтеди. Мәмлекетимизде ҚХР жоқары оқыў орынларыныӊ филиалларын ашыў, Қытайдыӊ профессионал билимлендириў системасы – “Лу Бан устаханасы”н кеӊнен енгизиў режелери белгиленди. Екинши Билимлендириў форумын келеси жылы өткериў усынысы билдирилди.
Сөйлесиўлердиӊ жуўмағында Өзбекстан Президенти ҚХР Баслығын мәмлекетимизге сапар менен келиўге мирәт етти.
Ушырасыў ҳәр қашанғыдай өз-ара исеним, ашықлық ҳәм дослық руўхында өтти.
Буннан соӊ Президент Шавкат Мирзиёев Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф пенен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын, бәринен бурын, саўда-экономикалық, инвестиция ҳәм транспорт-коммуникация тараўларын және де раўажландырыўдыӊ әҳмийетли мәселелери додаланды.
Түрли дәрежелердеги сөйлесиўлер жедел даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда ҳәм жүк тасыўдыӊ көлеми, биргеликтеги кәрханалардыӊ саны артпақта.
Мәмлекетимиз басшысы Жеӊилликли саўда ҳаққындағы келисим шеӊберинде товар алмасыў көлемин арттырыў ушын қолайлы шараятларды қәлиплестириў бағдарындағы жумысларды даўам етиў әҳмийетли екенин атап өтти.
Аўыл хожалығы, тоқымашылық, фармацевтика, химия ҳәм басқа тармақларда жойбарларды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын 2025-2026-жылларға мөлшерленген Санаат кооперациясы бағдарламасын қабыллаў әҳмийетли екени атап өтилди.
Быйылғы жылы Ҳүкиметлераралық комиссияныӊ гезектеги мәжилиси, бизнес форумы ҳәм санаат көргизбесин өткериўге келисип алынды.
Трансаўған темир жолын қурыў жойбарын әмелге асырыўда биргеликтеги ис-ҳәрекетлер зәрүрлиги атап өтилди.
Регионаллық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысылды.
ШБШның 4-июль күни болып өтетуғын саммити күн тәртибинен шөлкем шеңбериндеги көп тәреплемели бирге ислесиўди және де раўажландырыў ҳәм жумысын жетилистириўдиң әҳмийетли мәселелери орын алған. Халықаралық ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң тийкарғы тәреплери де көрип шығылады.
Мәжилис жуўмағында Астана декларациясы ҳәм экономикалық, қәўипсизлик, экология, энергетика, туризм ҳәм басқа көплеген бағдарларда шерикликти кеңейтиў бойынша ҳүжжетлер қабыл етилиўи режелестирилген.
ӨзА