Сенат: Аналық ҳәм балалық мәселелери бойынша штаблар рәсмийлик ушын шөлкемлестирилген

653

Олий Мажлис Сенаты кенгашиниң мәжилисинде репродуктивлик саламатлық, аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы додаланды.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарған мәжилисте парламент жоқары палатасының жумысшы топары тәрепинен репродуктивлик саламатлық, аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша аймақларда әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайын үйрениў нәтийжелери сын көзқарастан көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, аналық ҳәм балалықты қорғаў бағдарында 17 миллионнан аслам (9,2 миллионнан аслам туўыў жасындағы) ҳаял-қызларға 22,3 мың орынға ийе 230 туўыў мәкемеси хызмет көрсетпекте.

18 жасқа шекемги 11 миллион балалар ушын болса 13,3 мың орынға ийе 245 педиатрия мәкемеси бар.

Орынлардағы басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде тастыйықланған тармақ реже тийкарында 2024-жылдың 5 айы даўамында 9,2 миллионнан аслам туўыў жасындағы ҳаял-қызлардың 4,3 миллионы медициналық тексериўден өткерилди.

Олардың 1,4 миллионында экстрагенитал кеселликлер анықланған. 877,5 мыңы амбулатор ҳәм 102,2 мыңы стационар шараятта саламатландырылған.

Мәжилисте әмелге асырылған жумыслар менен бирге Сенаттың аймақларда үйрениўлери даўамында анықланған кемшиликлерге де итибар қаратылды.

Репродуктивлик саламатлық, аналық ҳәм балалық мәселелери бойынша республикалық ҳәм 14 аймақлық штабтың жумысын шөлкемлестириў белгиленген. Бирақ, штаблардың жумысы рәсмийлик ушын шөлкемлестирилген болып, тек ғана аймақлардан статистикалық мағлыўматларды жыйнаў ҳәм жоқары туратуғын штабқа усыныў менен бәнт болып қалған.

Денсаўлықты сақлаў системасының туўыўға жәрдемлесиўши мәкемелеринде ҳәмиледарлықларды бақлаў ҳәм туўыў процесслеринде қәнигелер тәрепинен тастыйықланған клиникалық протокол ҳәм стандартларға толық әмел етилмегени және олардың тәжирийбеси жетерли емеслиги себепли аналар өлиўшилик көрсеткиши үйренилген аймақлардың ҳәммесинде артқан.

Ҳәмиледар ҳаяллар толық перинатал скринингтен өткерилиўи керек болса да, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2023-жылы есапқа алынған жәми ҳәмиледар ҳаяллардың тек ғана 46,9 проценти белгиленген перинатал скринингтен өткерилген. Сырдәрья ўәлаятында бул көрсеткиш  тек ғана 31,4 процентти, Қашқадәрья ўәлаятында 37,7 процентти қураған.

Мәмлекетимиз басшысының қарары менен тастыйықланған 2022-2026-жыллары аналық ҳәм балалықты қорғаўды күшейтиў бойынша илажлар режесинде район (қала)лық медицина бирлеспелериниң 46 туўыў бөлими негизинде районлараралық перинатал орайлардың инфраструктурасын жақсылаў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў ўазыйпалары белгиленген.

Бирақ, шөлкемлестирилген айырым районлараралық перинатал орайлардың инфраструктурасын жақсылаў илажлары көрилмеген ҳәм зәрүр үскенелер менен тәмийинленбеген.

Ҳәмиледар, туўатуғын, туўған ҳаяллар ҳәм жаңадан туўылған нәрестелерге көрсетилетуғын медициналық жәрдемниң сапасын жақсылаў мақсетинде туўыўға жәрдем бериўши мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын халықаралық стандартларға муўапық беккемлеў ҳәм оларды зәрүр дәри-дәрмақ қураллары менен тәмийинлеў мәселеси толық орынланбаған.

Мәжилис даўамында тараў қәнигелериниң бул бағдардағы машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бойынша усыныслары тыңланды.

Додалаў процесинде туўыў мәкемелеринде аналар ҳәм нәрестелер өлиўшилигин азайтыў, туўыў жасындағы ҳаял-қызлардың медициналық тексериўин сапалы шөлкемлестириў, бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын қадағалаў бойынша айрықша илажлар белгиленди.

Мәжилис жуўмағында Сенат кенгашиниң қарары қабыл етилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы