Усы жыл 1-июль күни Қарақалпақстан медицина институты жанындағы инновациялық университет клиникасында Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги тәрепинен әмелге асырылған жойбар шеңберинде заманагөй медициналық әсбап-үскенелерди тапсырылыўға арналған салтанатлы илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жылларда елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге кең түрде тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, бул бағдарда медицина тараўын раўажландырыў арқалы халқымыздың саламатлығын беккемлеў ҳәм сапалы медициналық хызмет көрсетиўди жаңа басқышқа алып шығыў, сондай-ақ, усы жумысларды жеделлестириўде халықаралық бирге ислесиўши шөлкемлер менен шериклик тийкарында жойбарларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атыр. Салтанатлы илажда Японияның Өзбекстандағы елшиси Такаши Хатори, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң (JICA) президенти Ёшибуми Бито, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Д.Султанов, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң биринши орынбасары Ш.Далиев, Қарақалпақстан медицина институты ректоры, сенатор О.Атаниязовалар қатнасып, жаңадан алып келинген заманагөй медициналық әсбап-үскенелер көзден өткерилди.
Президентимиз 2023-жылы Қарақалпақстанлы сайлаўшылары менен болған ушырасыўында “Ташкентте бар барлық заманагөй медициналық хызметлер Нөкисте де жолға қойылады” деп атап өткен еди. Мине бул усы тапсырманың әмелде орынланыўы болды” — деп терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти Жоқарғы Кеңес Баслығы инновациялық университет клиникасында жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысыў ўақтында. Қарақалпақстан медицина институты жанында Президентимиздиң басламасы менен жаңа инновациялық университет клиникасы дүзилген еди. Усы тийкарда республикамызда медицина тараўында кадрларды таярлаўда клиника тийкарғы билимлендириў базасы болып келмекте. Соңғы 5 жылдың өзинде институтқа 10 миллион АҚШ долларынан артық инвестиция қаржысы тартылды. Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги тәрепинен әмелге асырылған 7,3 миллион АҚШ долларлық жойбар шеңберинде университет клиникасына заманагөй медициналық әсбап-үскене тапсырылмақта. Жеткерип берилген 31 атамадағы медициналық әсбап-үскене медицина хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў, кадрлардың потенциалын арттырыў, клиникада алдынғы медициналық методларды енгизиў сыяқлы ийгиликли ислерди әмелге асырыўға беккем тийкар жаратады. Соны да айрықша атап өтиў орынлы, усы жылдың басынан берли республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан бөлими, Нөкис қаласындағы 8-санлы шаңарақлық поликлиника, Берунийде районлар аралық Перинатал орайынан жаңа имаратлары пайдаланыўға тапсырылды. Соның менен бирге, быйылғы жылы инвестиция бағдарламасы шеңберинде 6 денсаўлықты сақлаў объектинде 46,5 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, Шоманай районында көп тармақлы поликлиника, Елликқалада 90 орынлық, Төрткүлде 70 орынлық туўыў бөлимлери, сондай-ақ, Әмиўдәрья, Беруний районлары ҳәм Нөкис қаласындағы шаңарақлық поликлиникаларда қурылыс-реконструкция жумыслары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги