Пайтахтымыздағы Олимпиада ҳәм Паралимпиада даңқ музейинде Өзбекстан делегациясын Париж-2024 ХХХIII жазғы Олимпиада ойынларына салтанатлы шығарып салыў мәресими болып өтпекте.

Илажда сөзге шыққан Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов өз сөзинде Париж-2024 Олимпиада ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орынларды ийелегенлерге мәмлекет тәрепинен берилетуғын сыйлық пуллары ҳаққында хабар берди. Оған бола, Токио-2020 Олимпиадасындағы сыйлық пуллары әмелде өз күшинде қалатуғын болды.

Яғный, Олимпиада чемпионлары 200 000 АҚШ доллары, гүмис медаль ийелери 100 000, қола медаль ийелери болса 50 000 долларға ийе болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги