Усы жылы 27-30- май күнлери Әндижан ўәлаятында “Жас қутқарыўшы” Республикалық әскерий-спорт жарысының финал басқышы өткерилген еди.

Жарыста жәми 80 мың қатнасыўшылар арасында өз аймақларында жеңимпаз болған Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан 14 улыўма орта билим бериў мектеплери қатнасып, қызғын беллесиўлер нәтийжеси бойынша Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектеби сыйлы 1-орынды ийелеген еди. Жеңимпазлар жарыс жуўмағында Әзербайжанда өткерилетуғын  халықаралық жарыста қатнасыў ушын жолламаны қолға киргизген еди.

Команда ҳәзирги ўақытта Әзербайжан Республикасының Габала районында  болып өтип атырған жарысқа қатнаспақта. Елимиздиң атынан қатнасып атырған жерлеслеримизге әўметлер тилеймиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.