Жақында Ташкент қаласында Қазақстан Республикасы басламасы менен өткерилген ««Uzori Azii» халықаралық таңлаўында Қарақалпақстан Республикасы Республикалық «Бәркамал әўлад» мектебиниң «Аяқ ойын» дөгереги ағзасы, Нөкис қаласындағы 16-санлы мектептиң 8-класс оқыўшысы Айсулыў Дүйсенбаева ең жоқары сыйлық  «Grand Prix»  сыйлығын жеңип алды.

Сондай-ақ, таңлаўдың «Шаг вперед» бағдары бойынша усы «Бәркамал әўлад» мектебиниң ағзасы, Нөкис қаласындағы  11-санлы мектептиң 5-класс оқыўшысы Меҳрибан Жоллыбаева 2-орынды ийеледи. Таңлаў жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары ҳәм «Grand Prix» сыйлығы тапсырылды.

-Таңлаў көрериңки руўхта өткерилди. Елимиздеги мектеплерде билим алып атырған шебер аяқ-ойыншылар қатнасты. Төрешилер қурамында хореография бойынша жетик қәнигелер, халық артистлери бизлердиң талантымызды баҳалап барды. Бул сыйлықты қолға киргизиўимде мийнетлери сиңген устазым Мийрихан Өтехановаға миннетдаршылығым шексиз,-дейди А.Дүйсенбаева.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги