27-июнь — Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни

Усы жылы 27-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев  жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан кәсиплик байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, байрам алдынан Президентимиздиӊ баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўында соӊғы жыллары тараўда жүз берген өзгерислер, жаӊаланыўлар ҳәм ерисилген нәтийжелер менен бир қатарда, алда турған оғада әҳмийетли мәселелерге айрықша итибар қаратылды.

Ҳақыйқатында да, соӊғы жыллары елимизде Президентимиздиӊ басшылығында сөз еркинлигин тәмийинлеў, халыққа қалыс ҳәм исенимли мәлимлеме жеткериў, ғалаба хабар қуралларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформаларды халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында кең кѳлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Бул бағдарда Сизлердиӊ тынымсыз хызметлериңизди, әсиресе, елимизде “Инсан қәдири ушын” идеясы астында жүз берип атырған тарийхый өзгерислер менен жаӊаланыўларды халқымызға жеткериў, орынларда ушырасып атырған машқалаларға мәмлекетлик уйымлар менен кеӊ жәмийетшиликтиң итибарын қаратыў жолында алып барып атырған дөретиўшилик мийнетлериниң жоқары баҳаланады.

Бунда тек ғана рәсмий ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ғана емес, ал қалыс пикирлери менен социаллық тармақларда белсендилик кѳрсетип киятырған блогерлердиң де хызметлерин айрықша атап ѳтсек болады. Әлбетте, булардың барлығы елимизде ашық-айдынлық ҳәм сѳз еркинлигине қаратылып атырған айрықша итибардың нәтийжеси болып табылады. Соның менен бирге, бүгинги күнде тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў хызметкерлериниң нәтийжели жумыс алып барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша да бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Мысаллар менен айтар болсақ, 6,3 миллиард сумлық қаржы есабынан “Баспасѳз үйи” имаратында капитал оңлаў жумыслары алып барылып атырғанын, 2 миллиард 339 миллион сумлық қаржы есабынан Қарақалпақстан телевидениесиниң материаллық-техникалық базасы беккемленгенин, 661 миллион сумлық қаржы есабынан Қарақалпақстан радиосына радио толқынларын узатыў антенналары сатып алынғанлығын, усының нәтийжесинде усы жылдың февраль айынан баслап Қарақалпақстан радиоканалы
үзликсиз 24 саат даўамында эфирге узатылып атырғанын, сондай-ақ, 700 миллион сумлық қаржы есабынан “Баспасөз үйи” имаратында “Медиа-орай” шѳлкемлестирилгенин айрықша атап ѳтсек болады. Ең əҳмийетлиси, дөретиўши инсанларды қоллап-қуўатлайтуғын бундай жумыслар еле даўам ететуғынына ҳәм жаңа басқышларға шығатуғынына исенемиз.

Байрам мүнәсибети менен Президентимиз тəрепинен қабыл етилген арнаўлы Пəрман тийкарында “Жаслар-ТВ” телеканалы ҳәм “Нѳкис-ФМ” радиосының директоры Минайым Палўанованың “Дўстлик” ордени менен сыйлықланғаны, сондай-ақ, усы жылы “Алтын қәлем” халықаралық таңлаўында Қарақалпақстан радиоканалыныӊ редакторы Қундыз Жумағалиеваның сыйлы 2-орынды ийелегени кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлайды.

Буннан тысқары, быйылғы жылы халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда салмақлы орны бар “Вести Каракалпакстана” газетасы
105 жыллық ҳәм “Еркин Қарақалпақстан” газетасы 100 жыллық, Қарақалпақстан телеканалы 60 жыллық, “Тараққиёт кўзгуси” газетасы 90 жыллық, “Қоңырат ҳақыйқаты” газетасы 80 жыллық, “Ақманғыт таңы” газетасы 55 жыллық, “Пайтахт” газетасы 35 жыллықҳәм “Қарақалпақстан ҳаўазы” газетасы
30 жыллық сәнелерин белгилеўи – қарақалпақ журналистикасы мүнәсип раўажланыў жолын басып өткенин және бир мәрте дәлиллейди. Әлбетте, бул ѳз гезегинде халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда ҳәм елимизде әмелге асырылып атырған кең кѳлемли реформаларды еле де кеңнен үгит-нәсиятлаўда әҳмийетли орын ийелейди.

Байрам мүнəсибети менен өз кəсибине деген садықлығы, дөретиўшилик табыслары, тынымсыз излениўлери менен ажыралып киятырған бир қатар тараў пидайылары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары менен мәмлекетлик сыйлық, көкирек белгилери ҳəм Ҳүрмет жарлықлары, сондай-ақ, баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Салтанатлы мәжилис қатнасыўшыларына республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги