Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда айрықша белсендилик көрсетип, өзиниң билим ҳәм қәбилети, умтылыўшаңлығы, интакерлиги ҳәм жемисли мийнети менен елимиздиң раўажланыўын жоқарылатыў, жанажан Ўатанымыздың халықаралық көлемдеги абырайын арттырыўға мүнәсип үлес қосып киятырған, жоқары мәнаўиятлы, еркин пикирлейтуғын, айрықша турмыслық позиция, дүньяға кең көзқарас ҳәм жоқары потенциалға ийе, халықтың мәпи ҳәм елдиң келешеги ушын жуўапкершилигин өзине алыўға уқыплы болған пидәкер ҳәм мәрт улларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм геральдика бойынша комиссияның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының қәбилетли жигитлерин илим, билимлендириў, медицина, мәденият, көркем өнер, спорт, өндирис, әскерий хызмет тараўлары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларындағы жумысында ерискен айрықша жетискенликлери ушын «Мард уғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшадағы дизимге муўапық мақуллансын.
  2. «Мард уғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанларға естелик дипломлары ҳәм көкирек белгилери салтанатлы жағдайда тапсырылсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги «Мард уғлон» мәмлекетлик сыйлығы ийелериниң ҳәр бирине базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўин тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына «Мард уғлон» мәмлекетлик сыйлық ийелериниң ибратлы жумысы, олардың сийрек ушырасатуғын ҳәм ерискен жетискенликлерин кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Ғ.Ғ. Мирзаевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 27-июнь

 *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 27-июньдағы ПҚ-236-санлы қарарына қосымша

«Мард уғлон» мә млекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанлардың

ДИЗИМИ

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

Аймуратов Муса Татлымурат улы – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2-курс студенти

Йўлдошев Аббос Баҳром улы – Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы 3-курс студенти